3-мыс байытыў фабрикасы дөретиўши халқымыздың пидәкерлик мийнетиниң үлгиси, десек,  әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз – Президент

138

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасын иске қосыў мәресими басланды.

Мүбәрек Рамазан ҳайыты және жасарыў, жаңаланыў байрамы Наўрыз әййямы алдынан елимизде санаат, энергетика, инфраструктура, сервис тараўларында көплеген ири жойбарлар иске қосылмақта. Ҳәр бир аймақта жаңа турақ жай массивлери, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, туризм ҳәм мәденият дәргайлары қурылмақта.

– Бул жумысларымыздың барлығы бир мақсетке – экономикамызды буннан былай да раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, мәҳәллелерге Жаңа Өзбекстан көринисин алып кириў ҳәм әлбетте халқымыздың турмыс абаданлығын буннан былай да арттырыўға қаратылған.

Бүгин иске қосылып атырған 3-мыс байытыў фабрикасы да усы кең көлемли жумысларымыздыӊ ҳәм дөретиўши халқымыздың пидәкерлик мийнетиниң үлгиси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз, – деди Президентимиз.

Баҳасы 2 миллиард 700 миллион долларлық бул жойбар тек ғана кәрхана емес, ал мәмлекетимиздиң санаат қүдиретин және де беккемлейтуғын, тәбийғый байлықларымызды терең қайта ислеўге хызмет ететуғын заманагөй индустриаллық комплекс екени атап өтилди.

ӨзА