Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери  телефон арқалы сөйлести

84

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-март күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин жаңа редакциядағы Конституция жойбары бойынша референдум табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Қабыл етилген жаңаланыўлар Қазақстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық абырайын беккемлеўге исенимли ҳуқықый тийкар болатуғыны ҳәм қосымша пәт бағышлайтуғыны атап өтилди.

Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери де көрип шығылды.

Саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысты, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин додалады.

Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, дос халықларымызды жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты ҳәм Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм турақлы раўажланыў тиледи.

ӨзА