Халықтың мәрәжатлары менен ислесиў системасы жаңа басқышқа алып шығылады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў, Халық қабыллаўханаларының жумысын жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм жәмийетшилик пикирин терең таллаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз халқы 38 миллионнан асты, соңғы тоғыз жылда халықтың дәраматы еки есеге көбейди. Халқымыздың аўырын жеңиллетиў, оны ойландырып атырған мәселелерге шешим табыў бойынша министр ҳәм ҳәкимлер мәҳәлле дәрежесинде ислейтуғын система жаратылды. Быйылғы жылы да мәҳәллелерде инфраструктура ҳәм халықтың турмысын жақсылаўға 56 триллион сум ажыратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы сонша имканият бола турып, халық көтерип атырған мәселелерге ҳәмме жерде де өз ўақтында шешим таўып берилмей атырғанын көрсетип өтти.
– Буннан тоғыз жыл бурын Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилгенде бир мақсет қойылған еди: мәмлекетлик уйымларды халыққа жақынластырыў. Дурыс, Халық қабыллаўханалары өз ўақтында нәтийжели иследи. Бирақ бул уйымды да адамлардың бүгинги талабына сай түрде өзгертиў ўақты келди, – деди Президентимиз.
Мәжилисте буннан былай “Ҳәр бир инсан ҳәм шаңарақтың машқаласын билип, ўақтында жәрдем бериўим керек” деген сүрен барлық дәрежедеги басшылар жумысында бас қағыйда болыўы шәрт екени атап өтилди.

Президентимиз халықтың мүрәжатлары менен ислесиўдиң ҳәзирги жағдайын таллады.
Елимизде ҳәр он мың адамға орташа 319 арза ҳәм шағым туўра келмекте. Бирақ бул көрсеткиш Ташкент қаласында 535, Наўайы ўәлаятында 462, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрьяда 452, Жиззақта 430, Қашқадәрьяда 368, Ташкент ўәлаятында 350 ди қурамақта.
Дийқанабад, Мирабад районлары, Наўайы, Аҳангаран ҳәм Янгиер қалаларында ҳәр он мың халыққа туўра келетуғын арзалар саны басқа аймақларға салыстырғанда еки есеге жоқары екени көрсетип өтилди.
Сондай-ақ, республика бойынша мүрәжатлар саны 16 процентке азайған болса да, Қараўылбазар, Нурата, Кенимех, Топыраққала районлары ҳәм Наманган қаласында бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 50 процентке шекем артқаны көрсетип өтилди. Бир қатар район ҳәм қалаларда ҳәкимлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери арасында көшпели ҳәм жеке қабыллаўлар өткериўге жүзеки қатнас сақланып қалып атырғаны атап өтилип, бундай қатнас қатаң сынға алынды.
Өткен жылы Халық қабыллаўханаларына ҳәкимлердиң өзи басшылық етиўи белгиленген еди. Қарақалпақстан, Әндижан, Қашқадәрья, Хорезм ҳәм Сырдәрьяда басшылардың жеке өзи шуғылланғаны нәтийжесинде мүрәжатлар 25-30 процентке азайғаны, халық көтерген мәселелердиң 60-70 проценти унамлы шешилип атырғаны атап өтилди.

Бирақ басқа аймақларда бул бағдарда кескин өзгерис болмағаны көрсетип өтилди. Мәселен, Ташкент қаласындағы 170 мың ҳәм Ташкент ўәлаятындағы 110 мың мүрәжаттың ярымынан көби шешимин таппаған. Сурхандәрья, Самарқанд ҳәм Ташкент қаласында қайтадан мүрәжатлар көбейген.
Усы мәниде, Халық қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатлар өз ўақтында шешилмей, социаллық тармақларда резонанс келтирип шығарғаннан кейин ғана илаж көрилиўи халықтың мәмлекетлик уйымларға болған исенимине унамсыз тәсир көрсетип атырғаны атап өтилди.
Мәжилисте халықтан ең көп мүрәжатлар жиберилип атырған тараўлар ҳәм оларға жуўапкер уйымлардың жумысы, соның ишинде, ишки ислер, мәжбүрий орынлаў, денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, социаллық қорғаў, энергетика, инфраструктура ҳәм басқа да мәселелер додаланды.
Мәселен, өткен жылы алимент пенен байланыслы 70 мың мүрәжат келип түскен. Мәжбүрий орынлаў бюросы арза түскенде өндириў илажын көрип атырған болса да, алимент төлеўшиниң рәсмий дәраматы болмағаны ушын мүрәжатлардың 30 проценти шешилмей қалмақта.
Бул бағдарда алимент төлеўшилердиң қаншасы кәсипке ийе бола тура жумыссыз жүргени, қаншасын оқытыў керек екенлигин талламай атырғаны, усы тийкарда бәнтлик бөлимлери ҳәм “мәҳәлле жетилиги” менен тығыз бирге ислесиўде жумыс шөлкемлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Шөлкемлескен миграция тийкарында адамларды оқытып, сырт елдеги жоқары дәраматлы жумыс орынларына жибериў системасы жаратылған, бирақ алимент мәжбүрияты бар пуқаралар бул имканияттан пайдалана алмайды. Алимент төлеўшилерге де сырт елде ислеп дәрамат табыўы ушын шараят жаратыў мақсетинде ҳәзирги ўақытта алимент алыўшының ҳуқықлары менен мәплерин исенимли тәмийинлеген ҳалда ҳәр еки тәреп ушын пайдалы болатуғын әдил механизм бойынша усыныс киргизиў тапсырылды.
Ишки ислер ўәкиллигиндеги мәселелер, әсиресе, хызметкерлердиң турпайы мүнәсибети ҳәм тергеўдиң сапасы бойынша наразылық мүрәжатлары келип түсип атырғаны атап өтилди. Система жуўапкерлери бул ҳаққында ең көп мүрәжат келип түсип атырған аймақларда профилактика инспекторлары ҳәм тергеўшилердиң кәсиплик дәрежесин ҳәм қатнас мәдениятын арттырыў менен системалы шуғылланыўы, ишки ислер уйымларын халықшыл профессионал структураға айландырыў жумысларын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Энергетика, жол ҳәм суў инфраструктурасы бойынша 2025-жылы жиберилген мүрәжатлар 109 мыңнан асқаны айтылды. Әсиресе, Асака, Шахрихан, Избасқан, Пастдарғом, Шорчи, Денаў, Ғузар, Қамаши, Дийқанабад, Шараф Рашидов районлары, Самарқанд, Наманган, Термиз, Қаршы ҳәм Әндижан қалаларында инфраструктура бойынша мүрәжатлар көбейген.
Усы жылы бул мәселелерди шешиў ушын 20 триллион сум ажыратылғаны, ҳәкимлер бул қаржыны, бәринен бурын, ең көп шағым түсип атырған мәҳәллелерге қаратса, халықтың разылығы артып, мүрәжатлар саны азаятуғыны атап өтилди.
“Басламалы бюджет” бағдарламасы мәҳәлле халқының аўырын жеңиллетиўде үлкен нәтийже берип атырғаны атап өтилди. Бирақ инфраструктура бойынша 25 мың арза келип түскен 2 мың мәҳәлле бир мәрте де бул бағдарламада жойбар жайластырмағаны көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге Халық қабыллаўханаларына келген мүрәжатларды таллап, бундай мәҳәллелерге жойбар таярлаўда жәрдем бериў тапсырылды.

Соның менен бирге, айырым министрликлер ҳәм уйымлар мүрәжатларға шешим бериўдиң орнына жүзеки жуўап бериў менен шекленип атырғаны сынға алынды. Атап айтқанда, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мүрәжатлардың 64 процентине, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы 61 процентине, Транспорт министрлиги 58 процентине әмелий шешим бермеген.
Улыўма, атап өтилген кемшиликлер басқа да министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлерге де тийисли екени, олар мүрәжатлар менен ислесиўди терең таллаў ҳәм жуўапкершилик тийкарында шөлкемлестириўи шәрт екени көрсетип өтилди.
Президентимиз мүрәжатлар менен ислесиў системасын өзгертиў ўақты келгенин атап өтип, ҳәкимликлер, министрликлер ҳәм уйымларға тек ғана көтерилген мәселени шешиў менен шекленип қалмастан, машқаланың келип шығыў себеплерин терең үйрениў, мүрәжатларға алып келип атырған факторларды анықлап, оларды азайтыў менен системалы түрде шуғылланыўға тапсырма берди.
Сонлықтан, Халық қабыллаўханалары тек ғана мүрәжат қабыл ететуғын уйым емес, ал тараў ҳәм орынлардағы машқалаларға оларға тийисли жуўапкер уйымлардың итибарын қарататуғын, олар менен биргеликте таллаў ҳәм шешим усыныс ететуғын орайға айландырылатуғыны белгиленди.
Президентимиз жаңа система қалай ислеўин Қаршы қаласы мысалында түсиндирип берди. Алимент төлеўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў, айлықлар кешиктирилип төлениўиниң алдын алыў, басқарыў сервис компаниялары жумысы, мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери үстинен шағымлар, турақ жай менен тәмийинлеў, напақа тайынлаў сыяқлы мәселелерде мәнзилли ислеў жоллары ҳәм бул ушын жуўапкерлер белгилеп берилди.

Ҳәр бир арза ҳәм шағымды терең таллап, жуўапкерлер кесиминде бөлистирип, биринши ярым жыллықта Қаршы қаласын мүрәжатлар менен ислесиў бойынша үлгили аймаққа айландырыў тапсырылды. Бул процессте ўәлаят ҳәкими, оның орынбасарлары ҳәм аймақтағы шөлкемлердиң басшылары жақыннан жәрдем беретуғыны белгиленди.
Улыўма, барлық аймақлар ҳәм 208 район-қала ҳәкимлерине Қаршы қаласы мысалында көрсетилген системаны нәтийжели жолға қойып, адамлардың аўырын жеңиллетиў ўазыйпасы қойылды. Бул бағдардағы жумыс режелери ҳәр айда жергиликли Халық депутатлары кеңеслеринде тастыйықланып, халыққа жеткерип барылады.
Мәжилисте Халық қабыллаўханаларының жумысын буннан былай да күшейтиў бойынша қосымша илажлар белгиленди.
Президент Администрациясына ҳәкимлер менен биргеликте Халық қабыллаўханаларына машқалалардың мәнисин түсинетуғын заманагөй кадрларды тартыў, мүрәжатларды системалы таллаў бойынша өз алдына қадағалаў топарының жумысын жолға қойыў тапсырылды.
Президент Администрациясы Коммуникациялар департаменти ҳәр айда Халық қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатларды таллап, улыўмаластырады, министрлер ҳәм ҳәкимлерге жеткереди, орынланыўын қадағалайды. Адамлардың кейпиятына тәсир етип атырған мәселелер бойынша басшылардың есабатын тыңлап барады, ең машқалалы бағдарлар бойынша усынысларды Ҳүкиметке киргизеди.
Ҳүкиметте министрликлер ҳәм уйымлардың басшы хызметкерлеринен ибарат Оператив штаб дүзиледи. Көтерилген мәселелер аймақлар ҳәм тармақлар кесиминде орынларға шыққан ҳалда шешиледи.

Халық қабыллаўханаларына мүрәжатларды көрип шығыў тәртибин бузған уйымларға мәжбүрий көрсетпелер киргизиў ўәкиллиги берилиўи, мүрәжатлар менен ислесиў бойынша мәмлекетлик уйымлардың рейтинги жолға қойылып, ҳәр алты айда жәрияланып барылатуғыны белгиленди.
Мүрәжатлар менен ислесиўде “мәҳәлле жетилиги”ниң жуўапкершилиги де кескин арттырылады. Президент Виртуал қабыллаўханасында ҳәр бир мәҳәлле ушын өз алдына кабинет ашылады, ол жаслар жетекшиси ҳәм мәҳәлле баслығы тәрепинен жүргизиледи. Олар келип түсип атырған мүрәжатлардың себеплерин үйренип, күнлик мағлыўматларды ҳәкимлерге усынып барады.
Сондай-ақ, мүрәжатларды тийкарсыз түрде төменги системаларға жиберген шөлкем басшыларына қатаң шара көриледи, мүрәжатлар ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузғаны ушын жаза күшейтиледи.
Президентимиз және бир әҳмийетли мәселеге тоқтап өтти. Мәмлекетлик сиясат ҳәм реформалардың тийкарғы бағдарларын белгилеўде, министрликлер ҳәм уйымларда дурыс қарарлар қабыл етилиўинде, улыўма, халықтың кейпияты ҳәм оны ойландырып атырған мәселелерди билиўде мүрәжатлар менен бир қатарда социологиялық изертлеўлердиң нәтийжелери де әҳмийетли дерек екени атап өтилди.
Сол себепли, бундай изертлеўлердиң көлемин ҳәм сапасын арттырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Енди бир мәртелик социаллық сораўлар менен шекленбей, қай жерде исеним артып атырғаны, қай жерде төменлеп атырғаны, қайсы қарарлар әдил, қайсылары адамларға пайда келтирмей атырғаны бойынша турақлы мониторинг ҳәм таллаўлар өткерилиўи белгиленди.
Президент Администрациясы Коммуникациялар департаменти және Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтына аймақ ҳәм тармақлар басшылары рейтингиниң методологиясын ислеп шығып, таллаўлар тийкарында рейтингти қәлиплестириў ҳәм турақлы түрде Президентке киргизип барыў тапсырылды.
Атқарыў тәртиби мәселелери де көрип шығылар екен, берилген ҳәр бир тапсырманың реал орынланыў жағдайы бойынша күнделикли қадағалаў орнатыў, жуўапкершиликти сезбеген, немқурайдылыққа жол қойған басшылар ҳаққында қалыс мәлимлеме киргизип барыў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте аймақлар ҳәм жуўапкер уйымлар басшыларының есабатлары тыңланды.
ӨзА