Исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланды

153

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилген жойбарлардың интакерлери болған исбилерменлер менен ушырасты.

Онда дәслеп Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў, регионның инвестициялық тартымлылығын арттырыў бағдарында өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары тийкарында берилген жеңилликлер, жаратылған имканиятлар кең түрде атап өтилди.

Буннан соң жаңа жойбарларды иске қосыўда ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, инвестициялық жойбарларды иске қосыў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў бойынша исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары тыңланды.

Ушырасыўда Кегейли, Мойнақ, Қоңырат, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларынан исбилерменлер, жуўапкер басшылар қатнасты.

Ушырасыў даўамында исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешим табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги