Қаршы қаласындағы мүрәжатлардың 146 сы айлық мийнет ҳақылар кешигип атырғаны менен байланыслы

78

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.

Ҳәкимниң биринши орынбасары айлық төлемей атырған шөлкемлердиң финанслық жағдайын таллап, шийки зат, айланба қаржы, инфраструктура, базар табыўға байланыслы мәселелерин ҳәкимниң инвестиция бойынша орынбасары ҳәм банклер менен шешип береди.

Айлықты тийкарсыз бермеген кәрханалардан болса белгиленген тәртипте мәжбүрий өндириледи.

Қаршы қаласында бүгинги күнде 35 мың квартиралы 930 көп қабатлы турақ жай бар. Оларға 40 басқарыў сервис компаниясы хызмет көрсетпекте. Олардың жумысына наразылық билдирилген 111 шағым келип түскен.

Ҳәкимниң қурылыс бойынша орынбасары ең көп мүрәжат болған Шолқувар, Нуристан, Айдын мәҳәллесине барып, халық ҳәм басқарыў компаниялары менен ушырасыўы белгиленди. Бунда басқарыў компаниялары пулдан қыйналып атырған болса, оларға айланыс қаржы таўып береди.

Электр, жол, суў ямаса канализация менен байланыслы машқалалар болса, бул мәселени Реформалар штабына берип, инвестиция бағдарламасына қосымша киргизеди, Мәжбүрий орынлаў бюросы менен басқарыў компанияларының дебитор қарыздарлығын өндириўге жәрдемлеседи.

ӨзА