Халық қабыллаўханалары бойынша жаңа система қалай ислеўи Қаршы қаласы мысалында түсиндирип берилди

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Өткен жылы Халық қабыллаўханасына Қаршы қаласы турғынларынан келип түскен 11 мың мүрәжат талланды.
Мысал ушын, Қаршы қаласындағы 255 адам алимент төлеўден бас тартып жүргениниң себеплери үйренилгенде, олардың 193 и кәсип-өнери болса да жумыссыз екени, және 62 си дәраматын азайтып көрсетип атырғаны анықланды.
Бул процессте ҳәкимлик, банклер ҳәм ҳәким жәрдемшилери, қалалық бәнтлик ҳәм МОБ бөлимлери биргеликте ислеп, пуқараларды исбилерменликке тартады, жумыссызларды аймақтағы санаат ҳәм сервис кәрханаларындағы вакант орынларға жайластырады. Сырт елде жумыс ислеў нийетинде болған алимент төлеўшилер менен үш тәреплеме шәртнама дүзип, тил ҳәм кәсипке үйретип, сырт елге жоқары дәраматлы жумысларға жибереди.
Қалалық салық инспекциясы болса Бас прокуратура департаменти менен биргеликте дәраматын жасырып киятырғанлардың жумысын “саядан” шығарады.
Сонда алимент төлеўшилердиң қарамағында болған 700 ге шамалас баланың материаллық тәмийнаты өзгеретуғыны атап өтилди.
ӨзА