Нызам дөретиўшилиги процеси илимий тийкарда шөлкемлестириледи

Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Әдиллик министрлиги жанындағы Нызамшылықты таллаў ҳәм тәртипке салыў тәсирин баҳалаў институты арасында меморандумға қол қойылды.
Бул ҳүжжет нызам дөретиўшилиги процесин илимий тийкарда шөлкемлестириў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаў процесинде аналитикалық қатнасты күшейтиў ҳәм парламентлик қадағалаў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Меморандум шеңберинде нызамшылықты жетилистириўге қаратылған биргеликтеги илимий изертлеўлер алып барылады. Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарлары илимий ҳәм аналитикалық экспертизадан өткериледи. Сондай-ақ, парламентлик қадағалаў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған изертлеўлер әмелге асырылады.

Буннан тысқары, нызамшылықты раўажландырыўға байланыслы илимий-әмелий коньференциялар, дөгерек сәўбетлери, семинарлар ҳәм басқа да илажларды биргеликте шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиў жолға қойылады.
Бул бирге ислесиў парламент жумысын илимий жақтан қоллап-қуўатлаў, нызам дөретиўшилиги процесинде илимий-аналитикалық потенциалдан нәтийжели пайдаланыў ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳуқықый реформаларды және де тереңлестириўге хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА