Балалар түсликке берилген тефтель сорпасына салынған айнып кеткен гөштен зәҳәрленген болыўы мүмкин.

Мырза Улығбек районындағы 433-санлы балалар бақшасының тәрбияланыўшылары болған бул балалар жуқпалы кеселликлер ҳәм  басқа да емлеўхаларға жатқарылған. Ҳәттеки олардан бири жанландырыў бөлиминде. Олардың дене ыссылығы 39-40 градустан түспеген, деп хабар бермекте Hordiq.uz сайтында.

Ата-аналардың мағлыўматларына қарағанда бул бақша жабылған деген хабарлар бар. Ҳәм басқа да тәрбияланыўшылар емлеўханаларға алып келинбекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги