Студент-жаслар да шембиликке белсене қатнаспақта

92

Елимизде бәҳәрдиң дәслепки күнлери кең көлемли абаданластырыў жумыслары, дөретиўшилик басламалары менен даўам етпекте. Усы жылдың 13-14-март күнлери мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги мине, усындай ийгиликли жумысларға кеңнен жол ашпақта.

«Елдиң абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады!» сүрени астында шөлкемлестирилген бул илажда Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы жәмәәти де белсене қатнаспақта.

Филиалдың әтирапы ҳәм оған тутас майданларда абаданластырыў жумыслары қызғын даўам етип, профессор-оқытыўшылар, жумысшылар ҳәм студент-жаслар бир жағадан бас шығарып, қоршаған орталықты және де көркем етиўге өз үлесин қоспақта.

– Ең әҳмийетлиси, жаслардың қәлбинде тәбиятқа меҳир, ўатанға садықлық ҳәм дөретиўшилик руўхын күшейтиўге айрықша итибар қаратылмақта, – дейди филиалдың баспасөз хаткери З.Хожамуратова.

Улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги елимизде абаданлықты тәмийинлеўге қаратылған жақсы дәстүрлерден бири болып, бундай басламаларда белсене қатнасыў ҳәр бир жәмәәттиң социаллық жуўапкершилигин және бир мәрте көрсететуғынын атап өтиў керек.

Орынларда шембилик шеңбериндеги илажлар қызғын даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги