Халық қабыллаўханалары енди тек ғана арза қабыллаўшы уйым емес, машқалаларды диагностикалайтуғын орай болады

84

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мүрәжатлардың 64 процентине, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы 61 процентине, Транспорт министрлиги 58 процентине шешим бериў орнына жүзеки жуўап бериў менен шекленгени, улыўма, бундай мысаллар барлық министрликлерде бар екенлиги атап өтилди.

Халық қабыллаўханалары жаңадан ашылғанында мүрәжатлардың 90-95 проценти шағым түринде болған болса, ҳәзирги күнге келип, 60-65 процентке түсти.

– Бүгин адамлардың дүньяға көзқарасы өзгерип, жеке мәселеде емес, мәҳәллесиндеги шараятты жақсылаў бойынша усыныс бериўди абзал көрмекте. Бирақ машқаласы шешилмеген адамлар басшылардың қабыллаўын шөлкемлестирип бериўди Президенттен сорап атыр. Енди бул система өзгереди. Ҳәкимлер арзада көтерилген мәселени шешиўдиң өзи менен шекленбейди. Керисинше, машқаланың келип шығыў себеби менен ислесиўи керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтан, тараўда жаңа система енгизилип, Халық қабыллаўханалары тек ғана мүрәжат қабыл етиўши уйым емес, ал аймақтағы машқалаларды диагностикалайтуғын орай болыўы белгиленди.

ӨзА