Энергетика, жол, суў инфраструктурасы бойынша 2025-жылы жолланған мүрәжатлар 109 мыңнан артқан

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Әсиресе, Асака, Шаҳрихон, Избасқан, Пастдарғом, Шўрчи, Денов, Ғузар, Қамаши, Деҳқонобод, Шараф Рашидов районлары, Самарқанд, Наманган, Термиз, Қаршы ҳәм Әндижан қалаларында инфраструктура бойынша мүрәжатлар көбейген.
Усы жылы бул мәселелерди шешиў ушын 20 триллион сум берилген. Ҳәкимлер бул қаржыларды, биринши гезекте, ең көп шағым түсип атырған мәҳәллелерге бағдарласа, адамлар да разы болатуғыны, мүрәжатлар да азаятуғыны атап өтилди.
Мәҳәлле халқының аўырын жеңиллетиўде “Басламалы бюджет” бағдарламасы үлкен нәтийже берип атырғаны атап өтилди.
Бирақ инфраструктура мәселесинде 25 мың мүрәжат келип түскен 2 мың мәҳәлле бир мәрте де “Басламалы бюджет”те жойбар жайластырмаған.
Жуўапкерлерге Халық қабыллаўханасына келген мүрәжатларды таллап, усы мәҳәллелерге жойбар ислеўге жәрдемлескенде еди, бул арқалы көплеген мәселелерди орнында шешиў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
ӨзА