Ишки ислер хызметкерлериниң қопал мүнәсибети ҳәм тергеў сапасынан наразылықлар көп екенлиги атап өтилди

Өткен жылы ишки ислер ўәкиллигиндеги мәселелер бойынша 148 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Мәжилисте атап өтилгениндей, түрли себеплер менен туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықты алмаған балаларға бундай ҳүжжетти рәсмийлестириўдеги бюрократия ҳаққында 448 адам мүрәжат еткен.
– Бул баласын бақша ҳәм мектепке жайластырыўда гүўалық соралғаны ушын мәжбүр болып мүрәжат еткенлер, еле арза бермегенлери қанша, – деп сораў қойды мәмлекетимиз басшысы.
Әдиллик министрлигине бул мәселеге әпиўайы шешим ислеп шығыў тапсырылды.
Өткен жылы ишки ислер ўәкиллигиндеги мәселелер бойынша 148 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен. Әсиресе, ишки ислер хызметкерлериниң қопал мүнәсибети ҳәм тергеўдиң сапасынан наразылықлар көп екенлиги атап өтилди.
Система жуўапкерлери ҳәр 1 мың адамға салыстырғанда ең көп арза түсип атырған Денов, Ургут районлары, Самарқанд, Қарши, Наманган, Жиззақ, Ферғана, Шыршық қалаларына барып, халықтың машқалаларын тыңлаўы, профилактика инспекторы ҳәм тергеўшилердиң кәсиплик ҳәм қарым-қатнас мәдениятын арттырыў бойынша оқытыўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.
ӨзА