Өткен жылы алимент пенен байланыслы 70 мың мүрәжат келип түскен

79

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Мәжбүрий орынлаў бюросы алимент бойынша арза түссе, өндирип берип атырғаны, бирақ алимент төлеўшиниң рәсмий дәраматы болмағаны ушын мүрәжатлардың 30 проценти шешилмей атырғаны көрсетип өтилди.

Бул бағдарда ҳәкимлер алимент төлеўшилердиң қаншасының кәсиби бар, бирақ жумыссыз, қаншасын оқытыў керек екенлигин талламай атырғаны, соннан келип шығып, бәнтлик бөлими ҳәм “мәҳәлле жетилиги” алдына анық мәселе қоймай атырғаны сынға алынды.

Аймақларда жумысларды усы тәртипте шөлкемлестирсе, алимент бойынша мүрәжатлар 2 есеге азайыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Шөлкемлескен миграция тийкарында адамларды оқытып, сырт елде жоқары дәраматлы жумысларға жибериў бойынша система жаратылды. Бирақ алимент мәжбүрияты бар адамлар бул имканияттан пайдалана алмай атыр, себеби пуқара сырт елге шығыўы ушын 5 жыллық алимент пулын алдыннан төлеўи ямаса алимент алыўшыдан жазба келисим алыўы керек.

Жуўапкерлерге бул мәселени терең үйренип, тийисли усыныс киргизиў тапсырылды.

ӨзА