НМПИ жәмәәти ҳәм студентлери де шембиликке белсене қатнаспақта

92

Елимиз бойлап «Елдиң абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады!» сүрени астында өткерилип атырған шембилик Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бүгин таң азаннан басланып, көтериңкилик руўхында даўам етпекте.

Институт жәмәәти ҳәм студент-жаслары шембилик шеңберинде өткерилип атырған «Таза қала» экологиялық акциясына белсене қатнаспақта.

– Бул экологиялық акцияда институттың 6 мыңнан аслам студент-жаслары пайтахтымыз Нөкис қаласының «Көк өзек», «Ақ отаў», «Туңғыш қоныс», «Ҳаўа жолы», «Дослық гүзары» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында абаданластырыў, шығындылардан тазалаў жумысларын алып бармақта, – дейди институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.

Улыўма халықлық шембилик тийкарында қайырқомлық илажлары да өткерилиўи белгиленген болып, институттың белсенди студентлериниң мәҳәллелердеги жалғыз жасайтуғын кекселердиң ҳалынан хабар алыўы шөлкемлестириледи.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги