Халық қабыллаўханаларына келип атырған мүрәжатлардың үлкен бөлеги қайсы шөлкемлерге тийисли екени айтылды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Өткен жылы Халық қабыллаўханаларына ҳәкимлердиң өзи басшы етип тайынланған еди.
Қарақалпақстан, Әндижан, Қашқадәрья, Хорезм, Сырдәрьяда басшылардың өзи шуғылланғаны себепли аймақтағы мүрәжатлар 25-30 процентке азайғаны, халық көтерген мәселелердиң 60-70 проценти унамлы шешилип атырғаны атап өтилди. Бирақ қалған ҳәкимлер ҳәм айырым министрлер еле бул бағдарда кескин өзгерис ислемегени көрсетип өтилди.
Мәселен, Ташкент қаласында 170 мың ҳәм Ташкент ўәлаятында 110 мың мүрәжаттың ярымынан көби шешимин таппаған. Сурхандәрья, Самарқанд, Ташкент қаласында қайтадан мүрәжатлар көбейген.
Мысал ушын, пуқара январь айында мектеп оқыўшысы Сергелиден ағып өтетуғын “Жунариқ” каналына түсип кеткенин айтып, бузылған көпирди қайта тиклеўди сораған. Бул мәселеге еки ай даўамында бирде-бир жуўапкер итибар қаратпаған, мүрәжатқа жүзеки жуўап берилген.
Жағдай социаллық тармақта тарқалғаннан кейин ғана қаржы да табылған, көпир де қурылған. Мүрәжатлар менен ислесиўдеги бундай кемшиликлер адамлардың мәмлекетке болған исенимине зыян келтирип атырғаны көрсетип өтилди.
Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың үлкен бөлеги Ишки ислер (148 мың), Мәжбүрий орынлаў бюросы (134 мың), Энергетика (88 мың), Бәнтлик (60 мың) ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигине (56 мың) тийисли екени атап өтилди.
ӨзА