Халық қабыллаўханаларын бүгинги талапқа сай түрде өзгертиў ўақты келди – Президент

82

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.

Елимиз халқы 38 миллионнан, мийнетке жарамлы халық 20 миллионнан асты, соңғы тоғыз жылда халықтың дәраматы 2 есеге көбейди.

Халқымыздың аўырын жеңиллетиў, көтерген мәселелерине шешим табыў бойынша министр ҳәм ҳәкимлер мәҳәлле дәрежесинде ислейтуғын система жаратылды. Быйыл да мәҳәллелерде халықтың турмысын жақсылаўға 56 триллион сум ажыратылмақта.

– Енди министрлер, ҳәкимлер өзине сораў берсин: сонша имканият бола тура, халық көтерген мәселелерге ўақтында шешим таўып берип атыр ма? Буннан тоғыз жыл бурын Халық қабыллаўханалары шөлкемлестирилгенде бир мақсет қойылған еди: мәмлекетлик уйымларды халыққа жақынластырыў.

Дурыс, Халық қабыллаўханалары ўақтында нәтийжели иследи. Бирақ бул уйымды да адамлардың бүгинги талабына сай түрде өзгертиў ўақты келди, – деди Президентимиз.

Буннан кейин “Ҳәр бир инсан ҳәм шаңарақтың машқаласын билип, ўақтында жәрдем бериўим керек” деген сүрен ҳәр бир район, қала, ўәлаят ҳәкими, министр, оның аймақлық шөлкем басшыларының бас қағыйдасы болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА