Көп миллетли халқымыз бир мақсетте бирлести

82

Елимиз бойлап “Елдиң абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады!” сүрени астында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилип, кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Барлық мәҳәллелерде, көп қабатлы турақ жайлардың, ҳәўлилердиң әтирапында, гүзар жолларда, қыябанларда, зыярат етиў орынларында, қойымшылықларда, көшелерде абаданластырыў және балалар майданшаларын тәртипке келтириў бойынша жумыслар әмелге асырылды.

Ийгиликли мақсетлерди гөзлеген ҳалда елимиз бойлап өткерилип атырған усы улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигинде республикамыздағы барлық 452 мәҳәлледен еки күн даўамында жәми 500 мыңнан аслам адамның қатнасыўы күтилмекте. Соның 190 мыңға шамаласын жаслар қурайды.

– Бүгинги күнде елимизде халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, турмысын жақсылаў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы шембиликке де үлкен таярлық көрилип, оны шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының орынлардағы район (қала)лық бөлимлери ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларына зәрүр шараятлар жаратыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди, -дейди басқарма бас қәнигеси Ж.Отарбаев.

Соның ишинде, шембиликке қатнасыўшылар бел, кетпен, сипсе сыяқлы қурал-сайманлар менен тәмийинленди. Сондай-ақ, аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў мақсетинде ҳәк және саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери жеткерип берилди.

Буннан тысқары, район (қала) ларда және мәкан пуқаралар жыйынларының социаллық тармақларында халықты кеңнен тартыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларында видеороликлер, мәкан пуқаралар жыйынларының имаратларына ҳәм көшелерге “Елдиң абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады!” сүрени астында баннерлер жайластырылды.

Шембилик даўамында 2600 гектарға шамалас майдан абаданластырылады, 2000 тоннадан аслам турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары шығарып тасланады, 1059 километрлик жап-салма ҳәм лотоклар тазаланады. Бул жумысларға 400 ден аслам техника қураллары тартылады. 470 ке шамалас қойымшылық, 8 зыярат етиў орны, 13 мыңға шамалас көше тазаланып абаданластырылып, 230 мыңнан аслам терекке сулыў көринис берилип, ҳәкленеди. 222 балалардың ойнаў майданшалары оңланып, тәртипке келтириледи. 11 мыңнан аслам хожалықтың қыйтақ жерлери аўдарылып, абаданластырылады. 904 шаңараққа тийисли турақ жайлар оңлаўдан өткериледи. 920 жәрдемге мүтәж шаңараққа материаллық жәрдем көрсетиледи.

Әлбетте, булардың барлығы көп миллетли пүткил халқымызды Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы мақсет жолында бирлестирмекте. Жаңа шеклерге руўхландырмақта.


Республикамыз бойлап қайырқомлық шембилиги қызғын даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги