Шегиў: XXI әсирдиң ең үлкен қәўпи

Бул әсирде шегиў ақыбетинде қайтыс болғанлардың саны пүткил XX әсирдеги көрсеткишлерден әллеқашан артта қалған.
XX әсир даўамында темеки себепли шама менен 100 миллион адам мезгилсиз қайтыс болған.
XXI әсир (2000-2023-жыллар): Тек ғана 23 жыл ишинде бул көрсеткиш 163 миллионнан асты.
Егер шегиў пәти усы тәризде даўам етсе, эпидемиологлар XXI әсирдиӊ ақырына шекем 1 миллиардқа шекем адам темеки қурбаны болыўы мүмкинлигин есап-санақ етпекте.
Егер өткен әсирде тийкарғы өлим жағдайлары бай мәмлекетлер үлесине туўра келген болса, бул әсирде тийкарғы соққы төмен ҳәм орта дәраматлы мәмлекетлерге туўра келмекте. Ең ашынарлысы, бул қурбанлардың көпшилиги ҳәзир шегип атырғанлар ямаса келешекте шегиўди баслайтуғын жаслар болып есапланады.
Миллиардлаған инсанлардың өмирин сақлап қалыў ушын бүгин шегиўди тоқтатыў ҳәм жасларды бул әдеттен узақлатыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги