Сырт ел хабарларына қысқаша шолыў (+видео)

“Кейингиси биз боламиз”: Россиялы депутат АҚШтың Ираннан кейинги нышаны Россия екенин айтты
Россия Коммунистлик партиясының баслығы Геннадий Зюганов Мәмлекетлик думадағы шығып сөйлеген сөзинде Жақын Шығыстағы урыс АҚШтың кең стратегиясының бир бөлеги екенин ҳәм келешекте Россияға да қәўип салыўын атап өтти. Ол Персия қолтығында жүз берип атырған ўақыяларды “Америка империализминиң нықаплары алып тасланғанын” көрсететуғынын ҳәм АҚШ сиясатын “басқыншылық ҳәм зорлық” деп атайтуғынын айтты. Зюгановтың сөзлерине бола, Иран ҳәм АҚШ арасындағы әскерий ҳәрекетлер регионда суў ҳәм азық-аўқат тәмийнатына унамсыз тәсир етпекте.
Иран президенти урысты тамамлаў ушын шәрт қойды
Иран президенти Масуд Пезешкиан урысты тамамлаў ушын мәмлекеттиң ҳуқықларын тән алыў, компенсация төлеў ҳәм келешектеги агрессияға қарсы қәўипсизлик кепилликлерин бериўди тийкарғы шәрт етип қойды. Ол Х социаллық тармағында Россия ҳәм Пакистан басшыларына регионда тынышлық тәрепдары екенин атап өткен ҳәм АҚШ ҳәм Израиль баслаған әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыўдың бирден-бир жолы усы шәртлерди орынлаў екенин жазған.
Франция Алексей ҳәм Мария Москалёвларға қорғаныў усынды
Россия пуқарасы Алексей Москалёв ҳәм оның қызы Мария урысқа қарсы салған сүўрети ҳәм социаллық тармақлардағы пикирлери себепли Россияда қуўдалаўға ушырағаннан кейин, Франция оларды гуманитарлық қорғаў менен қабыллады. Парижге келген Москалёвларға визалар ҳәм сырт елге шығыў паспортысыз мәмлекетке кириў ҳүжжети берилди, Алексей еки жыл колонияда қамалған, қыз болса қәўендерликке берилген.
Молдова ҳүкимети мәмлекеттиң ҒМДАдан шығыўын мақуллады
Молдова ҳүкимети 11-март күни мәмлекеттиң Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамына (ҒМДА) ағзалығына байланыслы тийкарғы келисимлерди бийкарлаўды қоллап-қуўатлады. Егер парламент те тастыйықласа, нызам жойбары президент Майя Сандуға қол қойыў ушын жибериледи ҳәм ҒМДАдан шығыў процеси басланады. Сыртқы ислер министри бул қәдемди Европа бағдарын беккемлеў сыпатында баҳалады.
Норвегияда АҚШ дипмиссиясы жанындағы терактте гүманланғанлар қолға алынды
Ослода тийкарынан Ираклы, бирақ Норвегия пуқарасы болған үш ағайин 8-мартқа өтетуғын түнде АҚШ елшиханасының кириў бөлими жанында жүз берген жарылыўда гүманланып қолға алынды. Полиция тергеў алып барып, олар адамларды өлтириў ямаса үлкен зыян жеткериў мақсетинде күшли жарылыўшы қурылмадан пайдаланған деп есапламақта, ФТБ ҳәм Интерпол менен бирге ислеспекте.
Қытайда дерлик 1 километрлик эскалатор иске түсти
Қытайдың Ушан районында жаңа Wushan Goddess Escalator комплекси ашылды, ол халықты таўлы аймақларда аңсат ҳәрекетлениўин тәмийинлейди. Улыўма узынлығы 905 метр болған эскалатор системасы 242 метр бийикликке көтериледи ҳәм алдын бир саат даўам еткен пияда жолды жигирма минутқа қысқартады. Имарат “таўды қушақлап турыўшы” дизайны менен ажыралып турады ҳәм дүньядағы ең узын қала эскалаторы сыпатында рекорд орнатты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги