Өзбекстанда 248 тергеў судьясы жумыс алып бармақта

84

Инсан ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған избе-из жумыслардың тийкарғы мазмунын қурайды.

Мәмлекетимиз басшысы парламент ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында атап өткениндей, елимизде тергеў судьяларының жумыс баслағаны – халықаралық тән алынған “Хабеас корпус” институтын қолланыўдың гезектеги әҳмийетли басқышы болды.

Тергеў судьяларының жумысы Президентимиздиң 2024-жыл 10-июньдеги “Оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында енгизилди.

Тергеў судьялары – жынаят ислегенликте айыпланып атырған шахстың еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслыққа байланыслы конституциялық ҳуқықларын суд тәрепинен исенимли тәмийинлеў мақсетинде жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда шөлкемлестирилди.

– 2025-жыл 1-январьдан жумыс баслаған тергеў судьяларына бир қатар санкциялар ҳәм мәжбүрлеў илажларын қолланыў мәселесин көрип шығыў ўәкиллиги берилди, – деди Жынаят ислери бойынша Мирабад районлық судының тергеў судьясы Музаффар Аҳмедов. – Жынаят ислери бойынша судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде процессуал қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда айрықша судьялар – тергеў судьялары тәрепинен көрип шығылмақта.

2025-жыл 25-январьдағы “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен тергеў судьяларының жумысы ҳуқықый жақтан беккемленди.

Нызам менен Жынаят-процессуаллық кодекси, Пуқаралық процессуаллық кодекси, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳәм “Прокуратура ҳаққында”ғы нызамға ҳәм “Судлар ҳаққында”ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Тинтиў өткериў, телефон сөйлесиўин тыңлаў ҳәм мүлкти хатлаўға руқсат бериў ўәкиллиги прокурорлардан тергеў судьяларына өткерилди.

Нызам исти судқа шекем жүргизиўде тәреплердиң теңлиги ҳәм тартысыў принципиниң тәмийинлениўине, қорғаўшының ҳуқықларының кеңейиўине және айыплаў ҳәм қорғаў тәрепиниң жумысы үстинен қалыс суд қадағалаўының әмелге асырылыўына және де қолайлы шараят жаратты.

Бир сөз бенен айтқанда, “Хабеас корпус” институтын әмелиятқа және де кеңирек енгизиў имканияты пайда болды.

Бүгинги күнде жәми 205 жынаят иси бойынша районлық, қалалық судларда 248 тергеў судьялары пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғап, әдил судлаўды әмелге асырмақта.

2025-жылы судлар тәрепинен жәми 4 миллионнан аслам ислер көрилген болса, соннан ярымына шамаласы жынаят ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди қураған.

Норгул Абдураимова,  ӨзА