Бәсеки комитети орайы Топ-20 “Ақыл орайлары” қатарынан орын алды

163

“Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети тәрепинен 2025-жылдың жуўмақлары бойынша Өзбекстанда жумыс алып барып атырған “Ақыл орайлары”ның аналитикалық рейтинги жәрияланды. Онда мәмлекетимизде илимий-аналитикалық жумыс алып барып атырған орайлардың ашық дереклердеги белсендилиги, жәмийетшилик пенен пикирлесиўи ҳәм аналитикалық материалларының тәсири баҳаланды.

Қуўанышлы тәрепи, Бәсеки комитети жанындағы Бәсеки сиясаты ҳәм тутыныўшылар ҳуқықлары изертлеўлери орайы бул рейтингте Топ-20 “Ақыл орайлары” қатарынан орын алды.

Орай 2025-жыл даўамында жедел аналитикалық жумыс алып барды. Атап айтқанда, 150 ден аслам илимий-аналитикалық материаллар жәрияланды, рәсмий веб-бетке 22 мыңнан аслам кириў атап өтилди. Сондай-ақ, Орай таярлаған материаллардан 400 ден аслам дереклерде силтеме келтирилген.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, “Ақыл орайлары” рейтингине кириў орай жумысының ашық-айдынлығы ҳәм илимий потенциалын көрсетеди. Бул болса мәмлекетлик уйымлар, исбилерменлер ҳәм жәмийетшилик ушын әҳмийетли аналитикалық мағлыўматлар усыныў имканиятын және де кеңейтеди.

Ең әҳмийетлиси, бундай орайлар тәрепинен таярланып атырған таллаў ҳәм усыныслар мәмлекетте саламат бәсеки орталығын раўажландырыў, монополияға қарсы нәтийжели сиясат жүргизиў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын және де исенимли қорғаўға хызмет етеди.

Нигора Раҳмонова, ӨзА