Бюджет қаржыларынан пайдаланыўға байланыслы мақсетли индикаторлардың орынланыўы қандай жағдайда?

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Онда Денсаўлықты сақлаў, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрликлери, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, “Саламат әўлад ушын” халықаралық қайырқомлық фонды, Республикалық балалар социаллық бейимлесиў орайы ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының “Биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң бюджет қаржыларынан пайдаланыўы менен байланыслы мақсетли индикаторлардың орынланыўы ҳаққында”ғы мәлимлемелери тыңланды.

Атап өтилгениндей, Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасында халықтың саламатлығын сақлаў, саламат әўладты тәрбиялаў ушын шараятлар жаратыў, профилактикалық саламат турмыс тәризин кеңнен ғалаба ен жайдырыў, сапалы медициналық жәрдем көрсетиў жумыслары бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы нәтийжели орынланған.

Атап айтқанда, гематология ҳәм онкология бағдарларында халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын, көлемин ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, наўқаслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў және оларды зәрүр дәри-дәрмақлар менен үзликсиз тәмийинлеў, емлеўханаларды заманагөй диагностика лабораториялары ҳәм медициналық техникалар менен үскенелеў ушын ажыратылған қаржылар толық өзлестирилген.
Онкологиялық кеселликлердиң I-II басқышларында ерте анықлаў көрсеткишлериниң дәрежеси белгиленген режеден 6,6 процентке арттырылған.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң мәлимлемесине бола, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы аймақлық ҳәм тармақлық бағдарламаларды ислеп шығыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўге қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылған. Жумыссызлардың жумысқа жайласыўын тәмийинлеўге қаратылған мақсетли көрсеткишлер де нәтийжели орынланған.
2025-жылдың ақырына шекем кәмбағаллық дәрежесин азайтыў режеси 6 проценттен 5,8 процентке, жумыссызлық дәрежеси режеси 7,7 проценттен 5,8 процентке азайтылды.
Атап өтилгениндей, Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлерин кеңейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылған.
Сондай-ақ, “Саламат әўлад ушын” халықаралық қайырқомлық фонды, Республикалық балалар социаллық бейимлесиў орайы ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен алып барылған жумыслар да ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў, онда мақсетли индикаторлардың орынланыўына қаратылған анық илажларды белгилеп алыў ҳәм оны турақлы әмелге асырыў бойынша усыныслар берилди.
Мәжилисте, сондай-ақ, Денсаўлықты сақлаў, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрликлери және Миграция агентлигиниң “Министрликлер ҳәм уйымлар басшылары ҳәм олардың орынбасарларының жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлери (KPI) орынланыўы ҳаққында”ғы мәлимлемелери де тыңланды.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА