БМШ сессиясы шеңберинде ҳаял-қызлар ушын әдилликти тәмийинлеў мәселесине итибар қаратылды

АҚШтың Нью-Йорк қаласында БМШ Ҳаял-қызлар статусы бойынша комиссиясының 70-юбилей сессиясы өткерилмекте. Бул сессия ҳәм оның шеңбериндеги жоқары дәрежедеги халықаралық илажларда Өзбекстан делегациясы қатнасты.
Сессия шеңберинде “Системадағы бослықларды сапластырыў: барлық ҳаял-қызлар ушын әдилликти тәмийинлеў” темасында интерактив сөйлесиў өткерилип, ҳаял-қызлардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, кемситиўши нызамлар ҳәм системалы тосқынлықларды сапластырыў мәселелери додаланды.

Сөйлесиў даўамында ҳаял-қызлардың турмыслық тәжирийбеси тийкарында әдилликке ерисиўде ушырасып атырған тийкарғы машқалалар – гендер тийкарындағы зорлық, шаңарақ ҳуқықы, мийнет қатнасықлары ҳәм ҳәкимшилик әдиллик тараўындағы тосқынлықлар көрип шығылды. Сондай-ақ, рәсмий ҳәм рәсмий емес әдиллик системалары, санлы әдиллик механизмлери ҳәм дәстүрий әдиллик институтларының бул процесстеги орны да додаланды.
Илаждың тийкарғы мақсети ҳаял-қызлар ушын әдилликке теңдей кириў имканиятларын тәмийинлеў жолында бар системалы тосқынлықларды анықлаў, әмелий ҳәм дәлиллерге тийкарланған шешимлерди алға қойыў және мәмлекетлер, БМШ шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийети арасында бирге ислесиўди күшейтиўден ибарат болды.
Интерактив сөйлесиўде қатнасқан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары Малика Қаландарова мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, суд системасында гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Өзбекстан суд системасында 1 мың 589 судья жумыс ислемекте, олардың 245и ҳаял-қызлар болып есапланады. 2017-жылға салыстырғанда бул көрсеткиш 113 проценттен зыятқа артты. Келешекте суд системасында ҳаял-қызлардың үлесин кеминде 30 процентке жеткериў мақсет етилген.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Әдил судлаў академиясында ҳаял судьяларды таярлаў ушын арнаўлы билимлендириў квоталары енгизилгени, сондай-ақ, Ҳаял судьялар ассоциациясы шөлкемлестирилгени атап өтилди.
Илажда ҳаял-қызларды зорлықтан қорғаў, оларға ҳуқықый жәрдем көрсетиўди кеңейтиў, сондай-ақ, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлық жағдайларын көрип шығыў бойынша арнаўлы таярланған судьялар ҳәм тергеўшилердиң жумысын жолға қойыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Делегация ағзалары сессия шеңберинде өткерилген жалпы мәжилислер, тематикалық додалаўлар ҳәм ҳәр қыйлы халықаралық ушырасыўларда қатнасып, Өзбекстанда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында айтып берди.
Сапар етиў шеңберинде бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар да өткерилди. Соның ишинде, Қазақстан Республикасы делегациясы менен мазмунлы сөйлесиў болып өтти. Сенатор Гулнара Маҳмудова еки мәмлекет арасында ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың экономикалық ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў, сондай-ақ, шаңарақ институтын беккемлеў бағдарындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысты.
Ушырасыў жуўмағында келешекте де бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликткеги илажлар шөлкемлестириўди даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА