Британияда ата-текли лордлар дәўири тамамланды ма?

Уллы Британия парламентиниң жоқары – Лордлар палатасында мийрас арқалы орын ийелеў системасын бийкар етиўге қаратылған нызамды қабыл етти. Солай етип, әсирлер даўамында әмел еткен аристократлық дәстүр әмелиятына шек қойылды.
Жойбар “Hereditary Peers Bill” Лордлар палатасында тастыйықланды. Бас министр Кир Стармер басшылығындағы Лейбористлер ҳүкимети бағдарламасының әҳмийетли бәнтлеринен бири сыпатында бул реформа парламент жоқары палатасының жумысын жетилистириўге қаратылған.

Реформаға шекем Лордлар палатасында 92 ата-текли лорд отырыў ҳәм даўыс бериў ҳуқықына ийе еди. Тийкарғы бөлеги 1999-жылы Тони Блэр дәўиринде бийкар етилген бул системада айырым орынлар ўақтынша сақланып қалған еди.
Жаңа нызам күшке киргеннен кейин, ағзалықты мийрас тәризинде қабыл етип алғанлар палатадан шығады, айырымлары ғана өмирлик лордлық статусында қалыўы мүмкин. Ҳәзир Лордлар палатасында шама менен 800 ўәкил бар. Олардың көпшилиги Бас министр усынысы менен тайынланғанлар ямаса Англия ширкеўи епископлары.
Лордлар нызам жойбарын өзгертиў ҳуқықына ийе, бирақ толық тосып қоя алмайды. Соңғы қарар сайланған Төменги палата – Жәмийетлик палата ықтыярында қалады.
ӨзА