Өзбекстан Республикасының Париждеги елшиханасында 8-октябрь күни Франциядағы Темурийлер тарийхы ҳәм мәдениятын үйрениў ассоциациясының президенти, тарийхшы илимпаз Фредерик Бопертюи-Брессанд ханым, Орайлық Азия тарийхының жанкүйери, археолог илимпаз Франц Грене, белгили француз жазыўшысы Амин Маалуфқа Самарқанд қаласының ҳүрметли пуқарасы атағын тапсырыў мәресими болып өтти.

Оған Францияның мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, Өзбекстаннан келген делегация ағзалары, кең жәмийетшиликтиң ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстанның Франциядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси С.Рустамбоев, Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев ҳәм басқалар Өзбекстан менен Франция арасында бирге ислесиў барлық бағдарда, соның ишинде, илим, мәдений-гуманитарлық тараўларда да избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтти. Бунда мәмлекетимиз тарийхы, атап айтқанда, Саҳыпқыран Әмир Темурдың өмир жолын үйрениў бағдарындағы жумыслар үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны, бул байланыслар мәмлекетимиз басшысының Францияға рәсмий сапарынан кейин буннан былай да беккемленетуғыны атап өтилди.

Илажда Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев франциялы жәмийетлик ғайраткерлерге ҳүрметли атақларды салтанатлы түрде тапсырды.

Бүгинги күнде мәмлекетлеримиз арасында мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў избе-из раўажланбақта. Атап айтқанда, Ташкент қаласында француз мектеби, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларында «Француз альянсы» филиалларын ашыў бойынша әҳмийетли қәдемлер тасланды. Буннан тысқары, театр, кино, илим тараўларында дыққатқа ылайық жойбарлар үстинде жумыс алып барылмақта.

2015-жылы Өзбекстан ҳәм Франция арасында қол қойылған келисимге муўапық пайтахтымызда «Ташкент Француз альянс»ына тийкар салынды. Оның тийкарғы мақсети мәдений-ағартыўшылық байланысларды раўажландырыў, илим, техника тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған. Ҳәр жылы бул жерде 1000 нан аслам тыңлаўшы француз тили бойынша билим алады.

Франциялылар елимизде өтетуғын «Шарқ тароналари» халықаралық фестивалына турақлы қатнасып келеди. Ҳәзирги ўақытта Париждеги Лувр музейинде Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнерине бағышланған арнаўлы көргизбе шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.

– Самарқандтың ҳүрметли пуқарасы болыў мен ушын мақтаныш. Бул қалаға бийкарға жер бетиниң маржаны, деген тәрийп берилмеген, – деди Фредерик Бопертюи-Брессанд ханым. – Бундай жоқары итибар мени мәдений бирге ислесиўимиздиң раўажланыўы жолында шын жүректен хызмет етиўге шақырады.

Илажда мәмлекетлеримиз арасындағы мәдений байланыслардың раўажланыўында илимпазларымыз алып барып атырған тарийхый мийрасты үйрениўге байланыслы изертлеўлер әҳмийетли орын ийелейтуғыны айрықша атап өтилди.

 

Абу Бакир ЎРОЗОВ,

ӨзАның хабаршысы.

Париж.