IТ тараўындағы белсенди жаслар менен ушырасыў өткерилди

164

Мәмлекетимиз Президентиниң тапсырмасы менен ҳәптениң ҳәр пийшемби күни жаслар күни етип белгиленген еди. Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев IТ тараўында нәтийжели жумыс жүргизип атырған бир топар жаслар менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда ең дәслеп республикамыз басшысы  ҳүрметли Президентимиз басшылығында барлық тараўлар сыяқлы IТ тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Соның ишинде бул заманагөй тараў ең аз қаржы жумсап, көп пайда алса болатуғын келешек кәсиплериниң бири есапланады. Сонлықтанда елимизде бул тараўды раўажландырыў ҳәм оны қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, кең мүмкиншиликлер жаратып берилмекте. Буған айқын мысал сыпатында, Ташкент қаласынан басқа мәмлекетимиздиң бирде-бир аймағында болмаған 17 этажлы IТ-Парк имараты Нөкис қаласында қурылып, бүгинги күни бул заманагөй орай зейинли жасларымыз ушын хызмет етип келмекте. Әлбетте, бул жаслар ушын жаратылған имканиятлар, оларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып атырғанлығының көриниси есапланады.

Республикамыз басшысы менен жаслардың өткерилген бул ушырасыўында да мине усындай ийгиликли жумыслар атап өтилип, тараўды буннан былай да раўажландырыў, фрилансерлерди қоллап-қуўатлаў, IТ экспортын еле де арттырыў, стартап жойбарларды әмелге асырыў бағдарында жаслардың пикир-усыныслары тыңланды.

Өз нәўбетинде, жаслар тәрепинен бир қатар әҳмийетли басламалар, жумыс алып барыў барысында ушырасып атырған мәселелер атап өтилди.

Ушырасыўда ҳәр бир көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тараў жуўапкерлерине бул машқалаларды тез арада унамлы шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, өткерилген бул әҳмийетли илаж даўамында қатар-қурбылары арасында өзиниң умтылыўшаңлығы ҳәм айрықша белсендилиги менен көпшиликке үлги болып атырған бир топар жаслар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен хошаметленип, оларға Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги