ҒМДА майданында Өзбекстан – Россия бирге ислесиўи

79

Өзбекстанның Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўи соӊғы жылларда әмелий мазмун менен байып бармақта. Бул процессте экономикалық мәп, инсан капиталы, мийнет миграциясы, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар бир-бирин толықтыратуғын бағдар сыпатында көринбекте. Орайлық Азиядан тысқары ҒМДА мәканында республикамыз ушын ең әҳмийетли шерик Россия Федерациясы болып есапланады. Ҳәзирги процессте тарийхый экономикалық байланыслылық, үлкен базар, мийнет ресурсларының ҳәрекети ҳәм тармақлараралық кооперация бир ўақыттың өзинде ҳәм имканият, ҳәм жаңа талапларды жүзеге шығарады.

Өзбекстан ҳәм Россия басшылары еки тәреплеме қатнасықты “комплексли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық” руўхында раўажландырыў мәселелерин турақлы түрде додалап келмекте. Усы жағынан бирге ислесиўди тек ғана саўдадағы санлар менен емес, ал социаллық-гуманитарлық өлшем, институционаллық механизм ҳәм жаңа келисимлердиң узақ мүддетли тәсири менен бирге баҳалаў мақсетке муўапық.

Экономикалық бирге ислесиў

Өзбекстанның сыртқы саўда географиясында Россияның орны турақлы жоқары болып қалмақта. Миллий статистика комитетине бола, 2025-жыл есабатында өз-ара сыртқы саўда айланысы 12 985,7 миллион долларды қураған, 2024-жыл 11 974,1 миллион доллар еди. Бул сан РФ мәмлекетимиз сыртқы саўдасында жоқары үлеске ийе екенин көрсетеди. Улыўма дизимде Россия 16 процент үлес пенен Қытайдан (21,2 процент) кейинги нәтийжени көрсеткен.

Экономикалық байланыслылықтың әҳмийетли тәрепи сонда, Россия Өзбекстан ушын бир ўақыттың өзинде ҳәм экспорт базары, ҳәм импорт дереги болып есапланады. Өткен жылдың жуўмағында республикамыз экспортында РФ тийкарғы шерик сыпатында 12,8 процент үлести тәмийинлеген – 4,3 миллиард доллар. Бул мағлыўмат Миллий статистика комитети 9-февральда жәрияланған “Топ-10 экспорт базары” есабатында келтирилген.

Импортта да Россияның салмағы үлкен

Сол баспасөз хабарламасында 2025-жыл ушын улыўма импорт етиўши ири шериклеримиздиң үлеси келтирилгенинде, Россия 18,3 процент көрсеткиш пенен Қытайдан кейин екинши орында тур. Бундай система экономикалық бирге ислесиўди “белгили тараўларда бир-бирин толықтырыўшы” деп сыпатлаў имканиятын береди. Соның менен бирге, бул жағдай тәмийнат шынжырына байланыслылық қәўпин де арттырады.

Усы көзқарастан соңғы жылларда күн тәртибиндеги тийкарғы ўазыйпа етип тек ғана саўда айланысын көбейтиў емес, ал қурамды диверсификациялаў, қосымша қуны жоқары өнимлердиң үлесин арттырыў, технологиялық кооперацияны кеңейтиў ҳәм есап-санақ және логистикада турақлылықты тәмийинлеў белгиленди. Бул талап, әсиресе, сыртқы базар кризисине сезгирлик шараятында айрықша әҳмиетке ие болмақта.

Аймақлараралық бирге ислесиў

ҒМДА шеңбериндеги институтлар ҳәм аймақлараралық механизм арқалы жойбарлар ислеп шығылыўы да Өзбекстан – Россия шериклигиниң әҳмийетли тәрепи болып есапланады. ҒМДА Атқарыў комитетиниң мәлим етиўинше, Аймақлараралық ҳәм шегара алды бирге ислесиў кеңесиниң 14-мәжилисинде атап өтилгениндей, 2025-жыл 29-сентябрьде тастыйықланған 2030-жылға шекем экономикалық раўажланыў стратегиясының екинши басқышын әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер режеси аймақлараралық бирге ислесиў ушын “стратегиялық бағдар” ўазыйпасын атқарады.

Итибарлы тәрепи, бул мәжилисте 2025-жыл 29-апрель күни Ташкентте өткен “ҒМДА аймақлары форумы”ның нәтийжеси де додаланған. Демек, Өзбекстан ҒМДА майданында тек қатнасыўшы емес, ал белсенди интакер сыпатында да ортаға шықпақта.

Бундай механизмлер еки тәреплеме қатнасық раўажланыўы ушын әҳмийетли қосымша қун береди. Жойбарлар тек ғана орайлық уйымлар дәрежесинде емес, ал аймақлар кесиминде де қәлиплесип, исбилерменлик байланыслары кеңейеди. Нәтийжеде, аймақлараралық формат көбинесе гуманитарлық ҳәм социаллық жойбарларды тезирек ҳәрекетке келтиреди.

Мәдений байланыслар ҳәм туризм

Мәденият, туризм ҳәм гуманитарлық байланыслар көбинесе сиясий билдириў басқышында қалып кетеди, деген көзқарас бар. Соңғы жыллары Өзбекстан – Россия бирге ислесиўинде бул бағдар да экономикалық мазмунға ийе болып, туризмниң раўажланыўы, биргеликтеги илажлар, аймақлар дәрежесиндеги бирге ислесиў ҳәм хызметлер экспорты менен көзге тасланбақта.

Туризм комитетиниң мәлим етиўинше, 2025-жыл 2-июль күни комитет басшылары Россияның Приморье үлкеси ҳүкимети ўәкиллери менен ушырасыў өткерген. Сөйлесиў ўақтында өз-ара туристлик ағымды жеделлестириў мақсетинде 2025-2026-жылларға мөлшерленген бағдарлама дүзиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, Россияда “Өзбекстан туризм жылы” илажы шеңберинде биргеликтеги көргизбе ҳәм форумлар шөлкемлестирип, туристлик кәрханалардың жумысын раўажландырыў, соның ишинде, таныстырыў түрлерин шөлкемлестириў бойынша усыныслар алысылды.

Бундай бағдарламалар бир тәрептен, мәдений-гуманитарлық байланысты күшейтсе, екинши тәрептен хызметлер экспортының көлемин кеңейтиў, аймақларда киши бизнес жумысына түртки бериў арқалы экономикалық нәтийже береди. Туризмде аймақлараралық бирге ислесиў нәтийжеси сапар, ҳаўа қатнаўы, логистика ҳәм хызмет тармағының үйлесиўинде көринеди.

Келешек

Қәнигелердиң пикиринше, Өзбекстан – Россия бирге ислесиўиниң нәтийжелилигин сақлап қалыў ушын бир ўақыттың өзинде еки ўазыйпаны шешиў керек. Бириншиси, жоқары қосымша қунлы өнимлер, санаат кооперациясы ҳәм технологиялық алмасыў мәселелерине итибарды күшейтиў. Оның ушын инженерлик билимлендириў ҳәм биргеликтеги илимий инфраструктураны раўажландырыўға қаратылған меморандумлар әмелий механизм сыпатында әҳмиетли. Екиншиси, социаллық бағдарда турақлылықты ҳуқықый ҳәм институционаллық кепиллик пенен беккемлеў. Мийнет миграциясы бойынша уйымлараралық жумысшы топарлар да әне усы зәрүрликтен келип шығады.

Пул өткермеси муғдарының өсиўи ишки экономикалық белсендилик ушын ресурс болыўы менен бирге сыртқы мийнет базарына жоқары сезгирликти де аңлатады. Орайлық банк есабатында 2025-жылдың 9 айында пул өткермелери 13,9 миллиард долларға жетип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 23,5 процентке өскени көрсетилгени бул фактордың макроекономикалық салмағын тастыйықлайды. Усы көзқарастан мигрантларды ҳуқықый қорғаў, легал бәнтлик ҳәм кәсиплик таярлық системасын жетилистириў де гуманитар емес, ал экономикалық турақлылық мәселеси сыпатында көрилиўи мақсетке муўапық екенлиги атап өтиледи.

Дилшод ҲАКИМОВ,

ӨзАның хабаршысы