Химия санаатындағы ири инвестициялық жойбарларды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды

50

Президент Шавкат Мирзиёев 11-март күни химия санаатындағы ири инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ҳәм жаңа ислеп шығарыў қуўатлықларын иске қосыў бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша презентация менен танысты.

Сын көзқарас руўхында өткен илажда тармақты “мақсет – ҳәрекет – нәтийже” принципине тийкарланған жаңа стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў системасы тийкарында реформалаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Химиялық өнимлер ислеп шығарыў көлемлерин арттырыў, жаңа қуўатлықларды иске қосыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиў бойынша анық көрсеткишлерди белгилеў тапсырылды.

Соның ишинде, усы жылы тармақ өнимлериниң экспортын 720 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылған. Аўыл хожалығында режелестирилген өним көлемлерин тәмийинлеў ушын азотлы төгинлер ислеп шығарыўды 1 миллион 120 мың тоннаға, фосфорлы төгинлерди 135 мың тоннаға, калийли төгинлерди болса 222 мың тоннаға жеткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, тармақлар ҳәм аймақлар тәрепинен усы жылы 9,5 миллиард долларлық 133 жойбарды әмелге асырыў шеңберинде 2,5 миллиард доллар инвестиция тартылыўы режелестирилген. Соның ишинде, химия санааты кәрханалары ҳәм аймақларда 24 стратегиялық жойбар шеңберинде 1,3 миллиард доллар инвестицияларды өзлестирип, 7 жаңа өндирис қуўатлылығын иске қосыў ўазыйпасы белгиленген.

Соның менен бирге, Қоңырат сода заводында өндиристи кеңейтиў, “Самарқандхимия” кәрханасында минерал төгинлер ислеп шығарыўды жолға қойыў, Дийқанабат калий заводының қуўатлықларын арттырыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў процеси сын көзқарастан көрип шығылды. Мүддетлердиң тийкарсыз созылып атырғаны атап өтилди. Жуўапкерлерге инвесторлар менен биргеликте бул жойбарларды жеделлестирип, қысқа мүддетлерде жуўмақлаўды тәмийинлеў тапсырылды.

“Аммофос-Максам” кәрханасының жумысы даўамында топланған фосфогипс санаат шығындыларын қайта ислеў мәселесине де итибар қаратылды. Бул шығындыдан қосымша өнимлер, соның ишинде, сульфат кислотасы ислеп шығарыў имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, химия санаатын стратегиялық раўажландырыў ушын заманагөй илимий-технологиялық инфраструктураны қәлиплестириў мәселелери көрип шығылды.

Атап айтқанда, Қубла Кореяның жетекши компаниялары менен биргеликте химия-технология инновация орайын шөлкемлестириў режелестирилгени мәлим етилди. Бул орай газ ҳәм көмир химиясы, терең химиялық анализ, сорбентлер, катализаторлар, нано ҳәм композит материаллар сыяқлы бағдарларда илимий изертлеўлер алып барыўға қәнигелеседи ҳәм бул бағдарда Орайлық Азиядағы бирден-бир илимий-изертлеў институты болады.

Презентацияда еритиўшилер, қурғақ циан дузлары, каустикалық сода, силикон, минерал төгинлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, “Ферғанаазот”та аммиак, карбамид ҳәм аммиаклы селитра қуўатлықларын модернизациялаў, “Наўайыазот”та геўекли селитра, Ташкент ўәлаятында турмыслық химия қуралларын, Биринши резинотехника заводында жаңа түрдеги шиналар ислеп шығарыў жойбарларының барысы ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Соның менен бирге, “Өзхимиясанаат” акционерлик жәмийетинде жойбарларды басқарыў нәтийжелилигин арттырыў режелери көрип шығылды.

Соның ишинде, жәмийет ҳәм оның системасындағы кәрханаларда ERP системасы енгизилип, 21 министрлик ҳәм уйымлар және сатып алыў операторлары менен интеграция етилди, 16 мәлимлеме системасы бирден-бир санлы платформаға бирлестирилди. Финанслық жағдайды таллаў ҳәм прогнозлаў, минерал төгинлерге талапты прогнозлаў процесслерине жасалма интеллект технологияларын басқышпа-басқыш енгизиў режелестирилген. Сондай-ақ, минерал төгинлердиң кәрханадан фермерге шекемги ҳәрекетиндеги барлық процесслерди санлы қадағалаў менен қамтып алыў нәзерде тутылған.

Есап палатасы менен биргеликте энергия ресурсларын үнемлеў, шийки зат қәрежетлерин қысқартыў ҳәм санластырыў илажлары арқалы химия санаатында өнимниң өзине түсер баҳасын 10-15 процентке шекем азайтыў ўазыйпасы қойылды.

Жуўмағында мәмлекетимиз басшысы химия санаатындағы ири инвестициялық жойбарларды жеделлестириў, машқалалы мәселелерди жедел шешиў ҳәм жаңа өндирис қуўатлықларын белгиленген мүддетлерде иске қосыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА