Путин Трамп пенен телефон арқалы сөйлести

54

Россия ҳәм АҚШ президентлери өткен жылдың декабрь  айынан берли биринши мәрте телефон арқалы сөйлести, деп хабар берди DW басылымы.

Путинниң жәрдемшиси Юрий Ушаковтың мәлим етиўинше, олар сәўбет даўамында Иран ҳәм Украинадағы урысты додалады ҳәм бул сәўбет Трамп басламасы менен болып өткен.

Россия президенти Владимир Путин 9-март күни америкалы кәсиплеси менен телефон арқалы сөйлесиўде Ирандағы келиспеўшиликти шешиў бойынша өз усынысларын билдирген. Бул ҳаққында бир қанша Россия ҒХҚлары Путин жәрдемшисиниң баянатына сүйенип хабар тарқатты.

Кремль мағлыўматына бола, Путин Украинада тынышлық орнатыўға қаратылған дәлдалшылық ҳәрекетлери ушын АҚШ ҳәм жеке Трамптың ҳәрекетлерин унамлы баҳалаған. Сөйлесиў шама менен бир саат даўам еткен ҳәм Кремльдиң билдириўинде айтылғанындай, “исшеңлик, ашық” руўхта өткен.

Сәўбетте Путинниң қандай усыныслар бергенлиги ашық айтылмаған. Вашингтонда болса Трамптың Путин менен болып өткен телефон сөйлесиўи ҳәзирше рәсмий түрде түсиндирилмеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги