Аўыл ҳәм суў хожалығы ушын инженер кадрлар таярлаў системасын жетилистириў мәселелери көрип шығылды

107

Президент Шавкат Мирзиёев 10-март күни аўыл ҳәм суў хожалығы ушын инженер кадрлар таярлаў системасын жетилистириў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.

Көп тараўларда илим реал турмыстан узақласып кеткени, аўыл ҳәм суў хожалығында да айырым ири жойбарларды әмелге асырыўда илимий тийкарлаў ҳәм экспертизаға жетерли итибар қаратылмай атырғаны, илимпазлар ҳәм изертлеўшилердиң потенциалынан толық пайдаланылмай атырғаны атап өтилди. Нәтийжеде айырым жойбарлар күтилген нәтийжени бермей атырғаны атап өтилди.

Ҳәзирги күнде “Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты” миллий изертлеў университетинде 11 мыңнан аслам студент билим алмақта, 7 факультет, 37 кафедра ҳәм 38 билимлендириў бағдары жумыс алып бармақта. Питкериўшилердиң бәнтлик дәрежеси 93 процентти қурайды. Университетте сырт елли студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың саны да избе-из артып бармақта.

Соның менен бирге, инженер кадрларды таярлаўда теория ҳәм әмелияттың үйлесимлилигин тәмийинлеў мақсетинде дуал билимлендириў системасын кеңнен енгизиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Усыныс етилген жаңа системаға бола, студентлер 4 күн теориялық билим алады, 2 күн өндирис кәрханаларында ҳақы төленетуғын әмелият өтейди. Соның ишинде, суў хожалығы бағдарында суўды үнемлеў ҳәм суўғарыўды нәтийжели шөлкемлестириў, гидротехника ҳәм гидроэнергетика тараўында каналларды бетонлаў, смета дүзиў ҳәм киши гидроэлектр станцияларының қурылысында қатнасыў, аўыл хожалығын механизациялаў бағдарында техникаларды таярлаў ҳәм зүрәәтти жыйнап алыў жумысларында қатнасыў имканияты жаратылады.

Мәмлекетимиз суў ресурсларының үлкен бөлеги трансшегаралық дереклерге байланыслы екенлиги көрсетип өтилди. Сонлықтан, суў ресурслары тараўында дипломат кадрларды таярлаў әҳмийетли стратегиялық ўазыйпалардан бири екени атап өтилди.

Университетте шөлкемлестирилген “Халықаралық суў дипломатиясы” магистратура бағдарламасын кеңейтиў ҳәм мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў орынларын көбейтиў усынысы мақулланды. Бул бағдарлама арқалы қоңсы мәмлекетлер ушын жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў нәзерде тутылған.

Презентацияда университеттиң илимий-инновациялық потенциалын күшейтиўге қаратылған жаңа басламалар да мәлим етилди. Атап айтқанда, дронлардан пайдаланып, егислик майданларын мониторинг етиў, өнимдарлықты болжаў, зыянкеслерге қарсы гүресиў сыяқлы хызметлерди, космослық мониторинг мағлыўматлары тийкарында илимий усыныслар ислеп шығыўды жолға қойыў режелестирилген.

Усы мақсетте университетте дронларды басқарыўға оқытыў курслары енгизиледи, космослық изертлеўлер ҳәм жасалма жолдаслар лабораториясы, комплексли илимий-изертлеў лабораториялары шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, университетте санлы басқарыў ҳәм KPI системаларын енгизиў, билимлендириўдиң үзликсиз “мектеп – техникум – университет – өндирис” шынжыры тийкарында кадрлар таярлаў системасын қәлиплестириў бойынша режелер де мәлим етилди.

Презентацияның жуўмағында мәмлекетимиз басшысы аўыл ҳәм суў хожалығы тараўлары ушын инженер кадрлар таярлаў системасын жетилистириў, илим ҳәм әмелияттың үйлесимлилигин тәмийинлеў және алдынғы технологияларды кеңнен енгизиў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

ӨзА