Нефть ҳәм газ тармағына байланыслы тапсырмалар орынланыўының барысы көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёевқа нефть ҳәм газ тараўында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў жағдайы бойынша есабат берилди.
Бизге белгили, усы жылдың 30-январь күни “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, углеводород резервлерин кеңейтиў ҳәм тармақты заманагөй технологиялар тийкарында раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленген еди. 23-февраль күни болса бул тапсырмалардың дәслепки орынланыўы көрип шығылып, бир қатар қосымша тапсырмалар берилген еди.

Бул ретки презентацияда усы илажларды әмелге асырыў процеси және бир мәрте талланды.
Нефть ҳәм газ тараўында геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў, жаңа кәнлерди анықлаў, бар қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қазып шығарыў көлемин турақластырыўға айрықша тоқтап өтилди.

Бул бағдарда тараў басшыларының усы жылдың басынан 3D сейсмикалық излеў жумыслары 471 квадрат километр көлемде әмелге асырылғаны, 11 жаңа қудық иске қосылғаны, 20 қудықта оңлаў жумыслары орынланғаны ҳәм 5 технологиялық илаж әмелге асырылғаны ҳаққындағы мәлимлемеси көрип шығылды.
Соның менен бирге, тараўда операциялық нәтийжелиликти арттырыў, кәрханалардың қәрежетлерин оптималластырыў ҳәм финанслық турақлылығын беккемлеў бойынша жумысларға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы белгиленген ўазыйпалар ҳәм режелестирилген илажлардың орынланыўын анық есап-санақ ҳәм қатаң тәртип тийкарында тәмийинлеўди даўам еттириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
ӨзА