Дүнья туристлерине усыныс етилген мәнзиллер қатарында Ташкент те бар

175

Ташкент ҳәм Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы Condé Nast Traveler тәрепинен июнь айында саяхат етиў ушын ең жақсы жөнелислер қатарына киргизилди.

Дүнья көлеминде саяхат ҳәм мәденият темаларын сәўлелендиретуғын абырайлы басылымлардан бири болған Condé Nast Traveler Өзбекстан пайтахты Ташкент қаласы ҳәм мәмлекетте қурылған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайын июнь айында барыў усыныс етилетуғын ең жақсы мәнзиллер қатарына киргизди. Журналдың “The Best Places to Visit in June, From Route 66 to Uzbekistan” атамасындағы материалында бул жөнелислер дүнья бойлап саяхатшылар ушын итибарға ылайық мәдений ҳәм тарийхый орынлар сыпатында атап өтилген.

Басылымда атап өтилгениндей, Ташкент Орайлық Азиядағы ең ири қалалардан бири болып, оның тарийхый раўажланыўы даўамында түрли цивилизациялар тәсири әҳмийетли орын ийелеген. Уллы Жипек жолы дәўиринен баслап араб династиялары дәўири ҳәм кейинги тарийхый басқышларға шекемги болған мәдений тәсирлер қаланың бүгинги архитектурасында да өз көринисин тапқан. Сол себепли пайтахтта Жипек жолы дәўири естеликлериниң белгили көк гүмбезлери менен бир қатарда совет модернизмине тән көркем архитектуралық формалар да биргеликте болып, қала көринисинде тарийхый қатламлардың үйлесимлилигин көрсетеди.

Condé Nast Traveler басылымының мақаласында, әсиресе, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайына айрықша итибар қаратылған. Авторлар бул ири мәдений-ағартыўшылық комплекс ислам мәденияты, илим ҳәм руўхый мийрас тарийхына байланыслы бай мағлыўматларды қамтып алатуғын музей, көргизбе ҳәм билимлендириў майданларын өз ишине алатуғынын атап өтеди. Басылымның пикиринше, бул орайдың қурылыўы Өзбекстанның жәҳән мәдений сахнасындағы абырайын беккемлеўге қаратылған әҳмийетли баслама болып есапланады.

Соның менен бирге, мақалада Ташкентте заманагөй мәдений орталықтың жедел раўажланып атырғаны да айрықша атап өтилген. Атап айтқанда, пайтахтта Заманагөй көркем өнер орайының ашылыўы ҳәм қаланың тарийхый мәҳәллелеринде халықаралық көркем резиденциялардың пайда болып атырғаны мәдений турмыстың және де жанланып атырғанынан дерек сыпатында көрсетилген.

Ташкент қаласы ҳәм Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының Condé Nast Traveler тәрепинен усыныс етилген саяхат бағдарлары қатарына киргизилиўи бул комплекс ҳаққындағы мағлыўматлар дүньядағы бир қатар абырайлы басылымларда да жәрияланғаны менен және де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Соның ишинде, Smithsonian Magazine, BBC Travel, BBC History ҳәм National Geographic сыяқлы халықаралық ғалаба хабар қуралларында да бул орай ҳаққында материаллар басып шығарылған.

Бундай тән алыўлар Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайын дүнья көлеминдеги ири музей басламалары менен бир қатарда көрсетпекте. Олардың қатарында Лос-Анжелес қаласындағы Lucas Museum of Narrative Art, Вашингтондағы National Geographic Museum of Exploration ҳәм Лондондағы London Museum сыяқлы мәкемелер тилге алынады.

Ташкент ҳәм Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының халықаралық басылым тәрепинен июнь айында саяхат етиў ушын усыныс етилген бағдарлар дизимине киргизилиўи дүнья жәмийетшилигиниң мәмлекеттиң мәдений мийрасына қызығыўшылығы артып атырғанын және бир мәрте тастыйықлайды. Бул болса Өзбекстанның Орайлық Азиядағы әҳмийетли мәдений ҳәм туристлик орай сыпатындағы абырайын беккемлеўге хызмет етпекте.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, Condé Nast Traveler саяхат ҳәм мәденият тараўындағы ең тәсирли халықаралық басылымлардан бири болып есапланады. Ол 1987-жылы АҚШта шөлкемлестирилген болып, Condé Nast медиа холдингиниӊ қурамына киреди. Бул холдинг сондай-ақ, Vogue, The New Yorker ҳәм GQ сыяқлы белгили журналларды да басып шығарады. Condé Nast Traveler журналы айлық есапта 16 миллионнан аслам глобаллық оқыўшылар аудиториясына ийе болып, дүнья туризм индустриясы ушын әҳмийетли бағдарлаўшы дереклерден бири сыпатында тән алынған. Басылым халықаралық саяхат ҳәм мәдений туризм тараўында күн тәртибин қәлиплестириўде айрықша әҳмийетке ийе.

Ташкент қаласы ҳәм Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының Condé Nast Traveler басылымы тәрепинен июнь айында саяхат етиў ушын ең жақсы мәнзиллер қатарына киргизилиўи мәмлекеттиң бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасына халықаралық қызығыўшылық артып баратырғанын және бир мәрте көрсетти.

Бул тән алыў тек ғана Ташкенттиң мәдений потенциалын емес, ал Өзбекстанның глобаллық туризм ҳәм мәдений пикирлесиў майданындағы орнын да беккемлеўге хызмет етпекте.

М.Эшмирзаева, ӨзА