Ҳаял-қызларға ҳүрмет-иззет көрсетилди

175

Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, республикамыздың ҳаял-қызларын байрам менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң илажда елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға қосқан үлеслери ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық, улыўмаинсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын бир топар ҳаял-қызларға «Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң «Мўътабар аёл» көкирек нышаны, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.

Байрам салтанаты республикамызға белгили көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етип, онда атқарылған қосық ҳәм аяқ-ойынлар қатнасыўшыларға жоқары кейпият инам етти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов,  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги