“Исбилерменлер аймағы” мәҳәллесинде кең көлемли абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди

Президентимиздиң тапсырмасы менен елимизде халықты қыйнап келген мәселелерге шешим табыў, олардың турмыслық мәселелерин, инфраструктура менен байланыслы машқалаларын сапластырыў бойынша жумыслар системалы түрде даўам еттирилмекте.
Усындай ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында бүгин Нөкис қаласындағы “Исбилерменлер аймағы” мәҳәллесинде кең көлемли абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, аўыр шараяттағы бул мәҳәлледе қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылыўында барлық басшы аўызбиршиликли түрде үлес қосыўы керек екенлигин атап өтти.
Соны да айрықша айтыў керек, режедеги жумыслар шеңберинде ишки жоллар оңланады, ишимлик суў, электр, газ тармақлары менен байланыслы мәселелерге шешим табылады, жәрдемге мүтәж пуқаралардың турақ жайларын оңлаў илажлары көриледи. Аймақта жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына жәрдемлесиў жумыслары алып барылады. Бул арқалы, аймақ турғынларын қыйнап келген машқалаларға шешим табылады.

Бүгинги басланып атырған жумыс басында мәкеме-шөлкем басшыларына ўазыйпалар бөлистирилип, алдағы режелер белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги