Көксарай резиденциясында Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам илажы басланды
134

Президент Шавкат Мирзиёев пүткил Өзбекстан ҳаял-қызларын 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен қызғын қутлықлады.
– Инсан турмысын, жәмийеттиң раўажланыўын ҳаял-қызларсыз, олардың жақсы пазыйлетлерисиз көз алдымызға келтирип болмайды. Биз сизлердиң тымсалыңызда Үшинши Ренессанстың дөретиўшиси болып, майданға шығып атырған 22 миллион жас әўладты аналық меҳир менен тәрбиялап, камалға келтирген уллы бир күшти көремиз.
Сизлер исбилермен, илимпаз, муғаллим, шыпакер, инженер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, бир сөз бенен айтқанда, шаңарақларымыздың периштеси, шаңарақ ҳәм жәмийеттиң таянышы, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА