ӨзА Сенегал мәлимлеме агентлиги менен меморандумға қол қойды

Өзбекстан Республикасының терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий руўхтағы сыртқы сиясаты себепли соңғы жылларда сырт мәмлекетлер менен дослық қатнасықларын раўажландырыў бағдарында сезилерли нәтийжелерге ерисилмекте.
Мәмлекетимиздеги унамлы өзгерислер дүнья жәмийетшилигинде елимизге болған қызығыўшылықты күшейтип, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўға хызмет етпекте. Избе-из реформалар, өз гезегинде, медиа структуралардың алдына дүньяның жетекши мәлимлеме агентликлери менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, турақлы мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў, дүньяда жүз берип атырған ўақыялар ҳаққында халықты қалыс, ҳақыйқый мәлимлеме менен жедел тәмийинлеў ўазыйпасын қоймақта.
Соңғы жыллары мәмлекетимиздиң Африка континенти мәмлекетлери менен де ҳәр қыйлы тараўлардағы бирге ислесиў көлеми кеңейип атырғанын атап өтиў керек. Ҳәзирги процессте регионда айрықша орынға ийе Сенегал менен турақлы мәлимлеме алмасыў айрықша әҳмийетке ийе.
Соннан келип шығып, ӨзА Сенегал Республикасы менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде Сенегал мәлимлеме агентлиги (Agence de Presse Sénégalaise – APS) менен Түсинисиў меморандумына қол қойды.

Бул басламаны Африка регионы менен мәлимлеме тараўында шериклик орнатыў жолындағы дәслепки қәдем, деп айтыў мүмкин. Ҳәзирге шекем регионның бирде-бир мәмлекети менен усы бағдарда ҳүжжетке қол қойылмаған.
Мағлыўмат орнында: Резиденциясы Дакар қаласында жайласқан Сенегал мәлимлеме агентлиги (APS ) усы республиканың рәсмий мәлимлеме агентлиги болып, 1959-жылы шөлкемлестирилген. Тийкарынан француз, инглис, испан ҳәм араб тиллеринде мағлыўмат тарқататуғын бул басылым Европа, Африка ҳәм Азия бойлап 10 ға шамалас шериклер менен келисимге қол қойған. Сондай-ақ, агентлик қарамағында телевидение жумыс алып барады, айлық журнал басып шығарылады.
Бул әҳмийетли ҳүжжетке Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң Бас директоры Абдусаид Кўчимов ҳәм Сенегал мәлимлеме агентлигиниң басшысы Момар Дионг онлайн тәризде қол қойды.
Видеобайланыс тәризинде өткен ушырасыўда А.Кўчимов дүнья көлеминде ҒХҚ менен байланысларды беккемлеў агентлик ушын стратегиялық ўазыйпа есапланатуғынын атап өтти.
– Ҳәзирги ўақытта биз дүньяның көплеген ири мәлимлеме агентликлери менен жедел мәлимлеме алмасып атырмыз, – деди ӨзАның басшысы. – APS пенен шериклик болса оқыўшыларымызды тек ғана Сенегал емес, ал пүткил регионға байланыслы ўақыя-ҳәдийселерден оператив хабардар етиў имканиятын жаратады. APS ӨзАның Африка регионындағы биринши мәлимлеме шериги.
Итибарлы тәрепи, бул меморандум еки мәмлекет арасындағы кең көлемли бирге ислесиў шеңберинде мәмлекетлеримиз турмысына байланыслы әҳмийетли темаларды, регионаллық ҳәм глобаллық мәселелерди сәўлелендирип барыў, түрли мәдениятлар арасында пикирлесиўди жолға қойыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў арқалы ӨзА ҳәм APS арасында қалыс, исенимли мәлимлеме майданын жаратыўға қаратылған.
– ӨзА менен шериклик орнатылып атырғанынан қуўанышлымыз, – деди APS Бас директоры Момар Дионг. – Бул биз ушын Орайлық Азия регионы менен бирге ислесиў жолындағы дәслепки қәдем екенин атап өтиў керек. ӨзАның француз тилинде шығатуғын мақалаларын бақлап бараман. Агентлик Өзбекстан, регион ҳәм дүнья жаңалықларын исенимли дерек сыпатында жәмийетшиликке тарқатпақта. Биз француз тилинде сөйлесиўши мәмлекет сыпатында бул мәлимлемеден кең пайдаланамыз ҳәм бөлисемиз.
Меморандумға муўапық, енди еки агентлик турақлы мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасады, мақала, фото ҳәм видео көринислерден өз-ара пайдаланыў имканиятына ийе болады.
Айтпақшы, Сенегал мәлимлеме агентлиги де өз сайтында ӨзА менен бирге ислесиў меморандумына қол қойылғаны ҳаққында хабар берди. Мақалада APS жәмәәтиниң сырт елли шериклери қатарынан Орайлық Азия регионында биринши болып мәмлекетимиз жетекши рәсмий мәлимлеме агентлиги орын алғанынан қуўанышлы екени атап өтилген. Сондай-ақ, нәтийжели өз-ара шериклик мәмлекетлеримиз арасындағы байланысларды беккемлеўге үлес қосатуғынына исеним билдирген.
Өткир Алимов, ӨзА