Фармацевтика тармағында ислеп шығарыўды арттырыў ҳәм технологиялар трансферин жеделлестириў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында фармацевтика тармағында өндиристи кеңейтиў ҳәм тараўға алдынғы технологияларды енгизиўди жеделлестириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы фармацевтика инсан саламатлығы, халықтың турмыс сапасы ҳәм мәмлекеттиң экономикалық қәўипсизлиги менен тиккелей байланыслы стратегиялық тараў екенин атап өтти.
Соңғы жыллары тараўды раўажландырыў ушын кең имканиятлар жаратылғаны атап өтилди. Соның ишинде, өткен тоғыз жылда тармаққа 1 миллиард 800 миллион доллар инвестиция киргизилип, 140 жаңа өндирис қуўатлылығы иске қосылды. Бүгинги күнде елимизде 300 ден аслам фармацевтика кәрханасы жумыс алып бармақта, олардың 58 и тиккелей дәри қуралларын ислеп шығарады.
Нәтийжеде фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 3,5 есеге өсип, 7 триллион 300 миллиард сумнан артты. Жергиликли дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў болса 2 есеге көбейди. Өзбекстанда ислеп шығарылған фармацевтика өнимлери 55 мәмлекет базарына жеткерип берилмекте. Тармақтағы жумыс орынларының саны болса 40 мыңнан асты.
Улыўма алғанда, мәмлекетимизде дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар базарының көлеми дерлик 2,5 миллиард долларға жеткен.
Жуўапкерлер алдына усы жылы фармацевтика тараўына кеминде 1 миллиард доллар инвестиция тартыў, сапаны арттырыў ҳәм сырт ел фармацевтика компаниялары менен биргеликте жаңа өндирис қуўатлықларын иске қосыў арқалы ишки тутыныўдағы жергиликли дәри-дәрмақлардың үлесин 2030-жылға шекем 70 процентке жеткериў ҳәм келеси бес жылда экспорт көлемин 1 миллиард долларға алып шығыў ўазыйпалары қойылды.
Республикада 136 гектар майданда 5 фармацевтика санаат зонасы шөлкемлестирилген болып, олар ушын барлық зәрүр инфраструктура жаратылған. Бирақ айырым аймақларда бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланылмай атырғаны атап өтилди.
Соның ишинде, 25 гектар майданды ийелеген Жиззақ фармацевтика зонасында өткен жылы бир сумлық та өним ислеп шығарылмаған. Бостанлық районындағы 14 гектар жер майданы болса 2017-жылдан берли бос тур. Сондай-ақ, өткен жылы Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларында бирде-бир фармацевтика жойбарының иске қосылмағаны, Бухара ҳәм Хорезмде болса инвестициялық жойбарлардың жүдә аз екенлиги сынға алынды.
Мәжилисте фармацевтика тараўы исбилерменлери тәрепинен билдирилген усыныслар да көрип шығылды. Атап айтқанда, фармацевтика зоналары болмаған аймақлардағы кәрханаларға да усы зоналар ушын белгиленген салық жеңилликлерин қолланыў мәселеси көтерилди.
Президентимиз бул усынысты қоллап-қуўатлады ҳәм фармацевтика кәрханалары ушын бир қатар жаңа имканиятларды жәриялады.
Соның ишинде, усы жыл 1-апрельден баслап фармацевтика қуралларын ислеп шығарыў, дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша жаңа жойбарлар үш жыл мүддетке жер салығынан азат етиледи. Жойбар иске қосылғаннан кейин үш жыл даўамында пайда ҳәм мүлк салығы да өндирилмейди.
Сондай-ақ, биологиялық актив қосымшалар ҳәм косметика қуралларын ислеп шығарыўшылар ушын шийки зат, үскене ҳәм комплектлеўши бөлеклерди импорт етиў бажылардан азат етиледи. Фармацевтика кәрханаларына өзиниң линиясында биологиялық актив қосымшалар ислеп шығарыўға руқсат бериледи.
Енди ҳәр жылы 1-июльге шекем локализациялаў мақсетке муўапық болған дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлардың дизими исбилерменлерге жәрияланып барылады. Бул дизимдеги өнимлерди ислеп шығарыў бойынша жойбарлар ушын исбилерменлерге сырт ел валютасында 7 процентлик кредитлер ажыратылады.
Бар өнимлер бойынша локализациялаўды тереңлестириўди режелестирген кәрханаларға Санаат кооперациясы қорынан 10 жылға шекемги мүддетке сырт ел валютасында 6 процентлик, миллий валютада болса 12 процентлик кредитлер бериледи.
Мәжилисте сырт ел фармацевтика компанияларын мәмлекетимизге тартыў, олар менен технологиялар трансферин жолға қойыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.
Импорт етилип атырған дәри-дәрмақлардың дерлик ярымы 34 сырт ел ислеп шығарыўшысының үлесине туўра келеди. Усы мүнәсибет пенен оларды Өзбекстанда ислеп шығарыўды шөлкемлестириўди хошаметлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Импорт пенен шуғылланыўшы ири кәрханаларға да социаллық жуўапкершиликти күшейтип, брендли дәри қуралларын мәмлекетимизде ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша баслама көрсетиў усыныс етилди.
Бул процессти хошаметлеў мақсетинде кәрханалар брендлерден пайдаланғаны ушын төлейтуғын роялтидан салық 20 проценттен 5 процентке түсириледи.
Оригинал дәри қуралы жаратылғаннан 20-25 жыл өткеннен соң, басқа фармацевтика кәрханалары да оны ислеп шығарыў ҳуқықына ийе болады. Бундай дәри қуралларын өзлестириў ишки базарда баҳаларды бир неше есеге арзанлатыў имканиятын береди.
Усы мүнәсибет пенен талап жоқары болған бундай препаратларды бир жыл ишинде өзлестирген кәрханаларға технология трансфери қәрежетлериниң ярымы Фармацевтика қоры есабынан қаплап бериледи.
Сондай-ақ, ең көп импорт етилип атырған 100 түрдеги дәри-дәрмақларды ислеп шығарыўды кеңейтиў мақсетинде “Ташкент фарма парк” аймағы және 100 гектарға кеңейтиледи.
Мәжилисте фармацевтика өнимлериниң экспорты мәселелери де көрип шығылды. Бүгинги күнде тармақтың экспорты 220 миллион долларға жеткен болса да, оның тек ғана 14 миллион доллары дәри-дәрмақлардың үлесине туўра келеди.
Усы мүнәсибет пенен кәрханаларды халықаралық стандартларға бейимлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта 58 дәри ислеп шығарыўшы кәрхана миллий GMP сертификатына ийе. Енди оларды Европа GMP стандартларына бейимлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
1-июньнен баслап жергиликли кәрханалардың ЕвроGMP сертификатын алыў қәрежетлериниң 50 проценти Саўданы қоллап-қуўатлаў қоры есабынан қаплап бериледи.
Мәжилисте мәмлекетлик сатып алыўлар системасында жергиликли ислеп шығарыўшылардың қатнасын кеңейтиў мәселелери де көрип шығылды. Атап өтилиўинше, локализациялаў дәрежеси 30 процентке жетпегени себепли айырым кәрханалар мәмлекетлик кәрханаларға өним сатыў имканиятына ие емес.
Усы мүнәсибет пенен 1-сентябрьге шекем жергиликли өним сертификатына ийе исбилерменлерге локализациялаў дәрежесине қарамастан, мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыўға руқсат берилетуғыны белгиленди.
Атап өтилиўинше, өткен жылы мәмлекетимизде 57 мыңнан аслам атамадағы дизимнен өтпеген ҳәм контрафакт дәри қураллары анықланған.
Сол себепли дәри-дәрмақлардың нызамсыз саўдасына қарсы гүресиўди күшейтиў, сапасы гүманлы өнимлер айланысы ушын жуўапкершиликти кескин күшейтиў бойынша нызам жойбарын ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте тараўда илим ҳәм өндирис арасындағы үзилисти сапластырыў мәселеси де көтерилди.
Бүгинги күнде фармацевтика тараўындағы 6 илимий-изертлеў институтында 300 ден аслам илимпаз жумыс алып бармақта, жоқары билимлендириў мәкемелери болса ҳәр жылы дерлик 1 мың қәниге таярлайды. Бирақ илимий қолланбаларды санаатқа енгизиў жетерли дәрежеде жолға қойылмаған.
Усы мүнәсибет пенен химия-фармацевтика, вакцина ҳәм сывороткалар және шығыс медицинасы институтлары негизинде Миллий биофармацевтика илимий-изертлеў институты шөлкемлестириледи. Ол “Ташкент фарма парк” аймағында жайластырылып, илимий изертлеўлерди тиккелей өндирис пенен интеграциялаў имканияты жаратылады.
Парк аймағында клиникаға шекемги изертлеўлер лабораториясы, биологиялық ҳәм химиялық изертлеўлер орайлары және 250 орынлық халықаралық клиникалық изертлеўлер орайы шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, Ташкент фармацевтика институты ҳәм Фармацевтика техника университетиниң профессор-оқытыўшылары өз илимий жумысын фармапарк аймағында алып барады. Студентлер болса кәрханаларда дуал билимлендириў тийкарында оқып, жумыс ислеў имканиятына ийе болады.
Жаңа дәри қуралларын ислеп шығарыўға тартылған илимпазлардың қатнасыўындағы жойбарлар ушын кәрханалардың 100 мың долларға шекемги қәрежетлери қаплап бериледи. Жергиликли илимпазлар жаратқан жаңа препаратларды ислеп шығарыўды жолға қойған кәрханаларға болса оларды дизимнен өткериў ҳәм клиникалық сынаўлар ушын 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады.
Мәжилисте фармацевтика кәрханалары ўәкиллериниң усыныслары ҳәм басламалары, жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.
ӨзА