Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлери телефон арқалы сөйлести

51

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-март күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан аймағына ушыўшысыз ушыў аппаратлары менен шөлкемлестирилген ҳүжимлерди кескин қаралап, жарақатланғанлардың тез арада саўалып кетиўин тиледи.

Соӊғы күнлерде Жақын Шығыс регионында бақланып атырған кескинликтиң ҳәўиж алыўы көплеген тыныш халықтың қурбан болыўына алып келип атырғаны ҳәм айрықша қәўетер оятып атырғаны айрықша атап өтилди.

Мүбәрек Рамазан айында жүз берип атырған бундай ўақыялар улыўма инсаныйлық қәдириятларға, халықаралық нормалар ҳәм мәмлекетлердиң аймақлық пүтинлиги принциплерине қайшы екени атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси пуқараларымызды Ираннан Әзербайжан аймағы арқалы қәўипсиз эвакуация етиў бойынша көрилип атырған илажлар ҳәм жаратылып атырған шараятлар ушын Илҳам Алиевке миннетдаршылық билдирди.

Әзербайжан Президенти, өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысына дослық руўхындағы сәўбет ҳәм сынақлы ўақытларда көрсетилген жәрдем ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

ӨзА