АҚШ Ирандағы қызлар мектебине ҳаўа ҳүжимин уйымластырды ма?

Трамп ҳәкимшилигиниң жоқары мәртебели лаўазымлы шахслары АҚШ урыстың биринши күнинде Ирандағы қызлар баслаўыш мектебине ҳаўа ҳүжимин шөлкемлестиргени бойынша еле тергеў алып барып атырғанын мәлим етти.
The New York Times газетасының жазыўынша, бул ҳүжим АҚШ-Израильдиң Иранға қарсы кампаниясындағы ең қәўипли ўақыялардан бири болған, кеминде 175 адам қайтыс болған, олардың көпшилиги балалар.
Сәршемби күни болып өткен брифингте Ақ үй баспасөз хаткери Каролин Ливиттен АҚШ мектепке ҳаўа ҳүжими шөлкемлестирди ме, деген сораўға жуўап алынды.
– Билиўимизше, жоқ. Қорғаныў министрлиги бул ўақыяны тергеўде. АҚШ пуқаралық объектлерине ҳүжим етпейди, жынаятшы Иран режими болса пуқаралық объектлерине ҳүжим етеди, балаларды өлтиреди ҳәм соңғы бир неше ҳәптеде мыңлап өз пуқараларын өлтирди, – деп жуўап берди Ливитт.
Қарақалпақстан хабар агентлиги