Айырым ўәлаят ҳәкимлери фармацевтика жойбарларын өз ҳалына таслап қойғаны сынға алынды

88

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында фармацевтика тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды. Илажда фармацевтика кәрханаларының ўәкиллери де қатнаспақта.

Республика бойынша жәми 136 гектар майданда 5 фармацевтика зонасы шөлкемлестирилип, инфраструктура менен байланыслы барлық мәселелер шешип берилген.

Бирақ айырым ўәлаят ҳәкимлери, олардың инвестиция бойынша орынбасарлары фармацевтика жойбарларын өз ҳалына таслап қойғаны сынға алынды.

Мысал ушын, 25 гектардағы Жиззақ фарма зонасында өткен жылы улыўма дәри ислеп шығарылмаған. Ямаса Бостанлық фарма зонасындағы 14 гектар жер 2017-жылдан берли бос тур.

Өткен жылы Жиззақ ҳәм Самарқандта бирде-бир жойбар иске қосылмаған болса, Бухарада тек ғана 200 мың, Хорезмде 2 миллион долларлық биреўден жойбар болған.

Ҳәкимлер жаңа жойбарларды көбейтиў былай турсын, бар қуўатлықларды да ислете алмай атырғаны көрсетип өтилди. Өткен жылы республикадағы 96 кәрхананың айланысы 312 миллиард сумға азайған.