Қарақалпақстанда боксты раўажландырыў мәселелери додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов спорттың бокс түри менен шуғылланып атырған жаслар, олардың ата-аналары ҳәм тренерлери менен ушырасыў өткерди.
Онда дәслеп, Раджапбай Нуразизов соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында барлық тараўлар қатарында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Соның менен бирге, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген тарийхый ҳүжжетлер халқымыздың, соның ишинде жасларымыздың турмысында үлкен өзгерислер жүз бериўине тийкар болып атырғанлығын айрықша тилге алды.
Соңынан өткерилген ушырасыўда спортшы жаслардың, олардың ата-аналары ҳәм тренерлериниң республикамызда боксти еле де раўажландырыў ҳәм жасларға қолайлы шараятлар жаратып бериў бойынша билдирген пикир-усыныслары тыңланып, машқалалар белгилеп алынды ҳәм тез ўақыт ишинде оларды унамлы шешиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Илаж даўамында бокс бойынша ҳәр қыйлы жарысларда жоқары нәтийжелер көрсетип атырған жаслардың ата-аналарына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги