Елликқала районында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районында жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы “Зарбдор” тәжирийбеси тийкарында Ақшакөл бойындағы туризм рекреациялық зонасында әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысты.
Буннан соң, “Қабатқала” мәҳәллеси аймағында “Buston-Buxgalteriya” ЖШЖ тәрепинен қағазды қайта ислеў арқалы хожалық қағазларын ислеп шығарыў, “ELLIKQAL’A OLTIN TOLASI KLASTERI” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылып атырған пахтаны қабыллаў пунктин шөлкемлестириў ҳәм таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў, “MEDI-UM ENERGY STREAM” ЖШЖның полиэтилен трубалар ислеп шығарыў жойбарлары көзден өткерилди. Исбилерменлерге жақыннан жәрдем бериў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, районлық абаданластырыў басқармасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, жийде нәлин жетистириў жойбары ҳәм халыққа көрсетилип атырған төлемли хызметлердиң барысы үйренилди. Қосымша дәрамат табыўға қаратылған жойбарларды көбейтиў керек екенлиги айрықша тилге алынды.
“Наўайы” мәҳәллесиндеги “BO‘STON STRAUSI” фермер хожалығы тәрепинен түйеқус бағыў, “Қошқора” мәҳәллеси аймағындағы “ISLOM NASL CHORVA” ЖШЖ тәрепинен шарўашылық комплексин шөлкемлестириў, “Думанқала” мәҳәллесиндеги Мадаминов Аллабергенниң қыйтақ жеринде шөлкемлестирилген нәл жетистириў жойбарлары көрип шығылды.
Буннан соң, “Наўайы” мәҳәллеси аймағындағы “Boston CHerri” фермер хожалығы жер майданында жаңадан жаратылып атырған ерик бағына “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде аўыл ақсақаллары, нуранийлар менен бирге жақсы нийетлер менен мийўе нәллери егилди.
Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Елликқала районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.


Мәжилисте дәслеп, халықтың қосымша дәрамат алыўына жәрдемлесиў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратып берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар, жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында берилген жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соң районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм басқа да мәселелер сын көзқарастан көрип шығылды.
Онда сондай-ақ, бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарап атырғаны сынға алынып, кемшиликлер атап өтилди.
Соның менен бирге, өз ўазыйпасын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлерге интизамый жаза шараларын қолланыў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги