Тақыятас районлық Кеңесиниң гезексиз  жигирма биринши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

78

Усы жылдың 4-март күни Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң гезексиз жигирма биринши сессиясы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Сессияда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жылларда Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумысларға тоқтап өтти.

Буннан соң сессияның күн тәртибиндеги Тақыятас районы ҳәкимин тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Тақыятас районы ҳәкими лаўазымына усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Исламбек Сдиков Тақыятас районы ҳәкими етип тайынланды.

И.Сдиков мийнет жолы даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс ҳәм коммуникациялар мәселелери бойынша секретариаты баслығы, Хожели районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлиминиң баслығы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.

Ол усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат қурылысы, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы лаўазымында ислеп келген.

Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилип, өз жумысын жуўмақлады.

 

                                                              Қарақалпақстан хабар агентлиги