Елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў мәселелери додаланды

97

 

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-март күни елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў мәселелери бойынша мәжилис өткерилди.

Елимиздиң қорғаныў потенциалын буннан былай да беккемлеў, әскерий қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери, сондай-ақ, усы жылдың 13-январь күни Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыў барысы көрип шығылды.

Дүньяда кескинлик ҳәм келиспеўшиликлер ошақлары сақланып қалып, геосиясий бәсеки күшейип, жаңа қәўип-қәтерлер қәўпи артып атырғаны атап өтилди. Айырым регионлардағы әскерий ҳәрекетлер аўыр гуманитарлық ҳәм экономикалық ақыбетлерге алып келип атырған тыныш емес халықаралық жағдай шараятында мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Қорғаныў министри әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, бөлим ҳәм бөлимшелерди оператив таярлаў, оларды заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинлеў, әскерий-ҳәкимшилик секторлар инфраструктурасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.

Раўажланған мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесин ҳәм жаўынгерлик ҳәрекетлер тәжирийбесин үйрениў, әскерий басқарыў ҳәм таярлық системасына заманагөй қатнасларды енгизиўге айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, әскерлердиң нәтийжелилигин арттырыў ушын жаңа технологиялар, соның ишинде, ушыўшысыз системалар ҳәм санлы басқарыў шешимлерин кеңнен қолланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, әскерий-ҳәкимшилик секторлар, полигонлар, билимлендириў мәкемелери ҳәм материаллық-техникалық тәмийнат объектлериниң инфраструктурасын заман талаплары тийкарында модернизациялаў ҳәм раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Әскерий кадрлар таярлаў системасын жетилистириўди избе-из даўам еттириў, илимий-изертлеў жумысларын күшейтиў, заманагөй қурал-жарақ ҳәм технологияларды өзлестириўге қаратылған бағдарламаларды кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Қураллы Күшлерди буннан былай да раўажландырыў ҳәм елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша тийисли ўазыйпаларды белгилеп берди.

 

ӨзА