Президент Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша қарарға қол қойды

208

“Қарақалпақстан Республикасын 2026-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм келеси жылларға мөлшерленген бағдарламаларды тастыйықлаў ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-70-санлы, 21.02.2026-ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

2026-жылдың ақырына шекем:

– жалпы аймақлық өним көлемин 8,1 процентке, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 8 процентке арттырыў;

– жумыссызлық дәрежесин 4,2 процентке шекем, кәмбағаллық дәрежесин 3,2 процентке шекем азайтыў, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Шымбай районлары және 109 мәҳәллени жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў;

2030-жылға шекем:

– жалпы аймақлық өним көлемин 102,4 триллион сумға, аўыл хожалығы өндирисин 28,9 триллион сумға жеткериў және санаат ҳәм хызметлер тараўында жәми 7,2 миллиард АҚШ доллары эквивалентиндеги жойбарларды әмелге асырыў;

– экспорт көлемин 900 млн АҚШ долларына жеткериў.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы сапластырылады.

Министрлер Кеңеси Баслығының жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, шарўа от-жем базасын беккемлеў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы киргизиледи.

Урбанизация процесслери жеделлестириледи

Қарарға бола, Қоңырат, Шымбай, Беруний, Бозатаў ҳәм Қанлыкөл районларында шарўа от-жемин жетистириў, сақлаў, қадақлаў қуўатлықларын иске түсириў ҳәм халыққа жеткерип бериў системасы жолға қойылады.

2026-жылдың ақырына шекем Беруний районында жыллық қуўатлылығы 36 мың тонна болған шарўа ҳәм балық азықлығын ислеп шығарыўға мөлшерленген заманагөй Агрокомплекс жойбары иске қосылады.

2026-2028-жылларда Қарақалпақстан Республикасында 10 мың гектар жер майданларында шарўашылық азық-аўқатын жетистириў илажлары көриледи.

Нөкис қаласында тығылысларды азайтыў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм Тақыятас районын байланыстырыўшы 2,2 км автомобиль жолы, 1 көпир ҳәм “D 234 (4Р176)” Нөкис – Шымбай – Тахтакөпир автомобиль жолының 4 км бөлегинде жаңадан жол өткел қурылады.

Әмиўдәрья районында 6 мәкан пуқаралар жыйынына 107,1 км ишимлик суў тармағы жаңадан қурылады, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларының 110,5 км бөлеги, 1 насос станциясы ҳәм район орайындағы әмелдеги локал ақаба суў тазалаў имараты реконструкцияланады.

Шоманай районында улыўма пайдаланыўдағы “D 235 (4P177)” автомобиль жолының 31 км бөлеги реконструкцияланады, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги