Сурхандәрья Жаӊа Өзбекстанныӊ қубладағы беккем таяныш үстинине айланбақта

68

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 26-27-февраль күнлери Сурхандәрья ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Президент Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

– Сурхандәрья тек ғана тәбияты гөззал жер емес, ал руўхы күшли, ғайраты бәлент, ар-намысы беккем инсанлар ели. Сурханды раўажландырыў Жаңа Өзбекстанның қубла таяныш үстинин беккемлеў демек, – деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында.

Өткен дәўирде аймақта 5 миллиард долларлық 8 мыңнан аслам жойбар иске қосылды. Қытай, АҚШ, Россия, Ҳиндстан, Австрия, Венгрия сыяқлы мәмлекетлер менен инвестиция ҳәм саўда бойынша және 10 миллиард долларлық келисимлерге ерисилди.

Соңғы тоғыз жылда бақша менен қамтыў 28 проценттен 68 процентке артты, 23 жаңа мектеп қурылды, және 448 и оңланды. Қосымша 102 мың оқыўшы орны жаратылды. Бул дәўирде қурылған 688 көп қабатлы турақ жайға 32 мың шаңарақ көшип өтти. Ангор, Байсын, Жарқорған, Сариосиё ҳәм Термиз районларында “Жаңа Өзбекстан” массивлери қурылды.

“Тўпаланг суў сақлағышының суўынан пайдаланыў” жойбары есабынан Термиз қаласы ҳәм 10 райондағы 563 мың халықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды.

Мәжилисте ўәлаят ҳәкими ҳәм район ҳәкимлери алдында усы жылы инвестицияларды 3 миллиард долларға, экспортты 1 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы турғаны атап өтилди. Аймақта кәмбағаллықты 2,8 процентке, жумыссызлықты 4,5 процентке шекем түсириў, Термиз қаласы, Ангор, Денов, Жарқорған, Қизириқ, Музрабатты кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сурхандәрья экономикасында санааттың үлеси соңғы 9 жылда 5 есеге өсип, 10 процентке жетти. Бирақ бул еле де аз екенлиги көрсетип өтилди.

Санаат көлемин арттырыўда ўәлаяттағы кәнлерди өзлестириўди жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жылы Байсындағы “Санжар”, Алтынсайдағы “Ақсуў”, келеси жылы “Фангарт” кәнлеринде көмир қазып алыўды баслаў тапсырылды. Қубла Африканың “Sosol” компаниясы көмирден полипропилен, полиэтилен ҳәм каучук ислеп шығарыўға қызығыўшылық билдирген. Сариосиёдағы “Қорақон”, “Жемсонит”, “Чуқур”, “Байрам-1” кәнлерине де қытайлы инвесторлар 1 миллиард доллар киргизиўге таяр. Байсындағы “Безектап” кәнинде тәбийғый тас резервлери үйренилместен тур. Бул кәнлерде зәрүр жумысларды баслаў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте Термиз халықаралық саўда орайының нәтийжелери айрықша атап өтилди. Өткен жылы орайға 800 мыңнан аслам Аўғанстан пуқарасы келип, экспорт 320 миллион доллар болған.

Орай аймағын 1 мың гектарға жеткериў белгиленди. Жаңа жойбарлар нәтийжесинде исбилерменлер ҳәм қарыйдарлардың есесине көбейетуғыны атап өтилип, нызам үстинлигин тәмийинлеў мақсетинде орайда арнаўлы прокуратура ҳәм ишки ислер бөлиминиң жумысы жолға қойылады.

Сондай-ақ, енди орай аймағындағы товар саўдасы ҳәм хызметлер экспорт сыпатында баҳаланатуғыны, оларға салыстырғанда қосымша қун салығы “ноль”лик ставкада қолланылатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығыныӊ имканиятларына тоқтап өтип, ўәлаяттағы 35 мың гектар қыйтақ жерден 3-4 мәрте зүрәәт алынып атырғаны, бундай көрсеткиш басқа бирде-бир ўәлаятта жоқ екенлигин атап өтти.

Термиз районындағы “Қыйтақ жер мектеби”ниң унамлы тәжирийбесин пүткил Сурхандәрьяда жолға қойыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Усы мүнәсибет пенен Ангор, Узун, Деновта да “Қыйтақ жер мектеплери”н шөлкемлестириў, ҳәр бир ўәлаятта екеўден “Инновациялық қыйтақ жер мектеплери”н иске қосыў тапсырылды.

Сурхандәрья шараятында ыссыханадан өним алыў басқа жерлерге салыстырғанда 2-3 есеге арзан түсетуғыны атап өтилди. Быйыл Испанияның Алмерия аймағы тәжирийбеси тийкарында 1 мың гектарда қуяшта ысытылатуғын ыссыханалар шөлкемлестирилетуғыны, бундай ыссыхана қуратуғын исбилерменлерге жер 5 жылға бийпул ижараға берилетуғыны, жер асты суўы ушын төлемнен 3 жылға азат етилетуғыны атап өтилди.

Ўәлаятта пайдаланылмай атырған және бир үлкен имканият жайлаўлар екени атап өтилди. Соның ишинде, Байсында 197 мың гектар жайлаў бар екенлиги, егер Дербент дәрьясындағы насослар тикленип, суў шығарылса, 10 мың гектар жайлаўды пайдаланыўға киргизиў имканияты бар екенлиги айтылды.

Резервтеги жайлаў жерлерин өзлестириў ушын басланғыш баҳа нормативлик баҳасының 1 проценти муғдарында белгиленип, аукционға шығарылатуғыны атап өтилди. Аукционнан жер алған исбилерменлерге 10 жылға, 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 14 процентлик кредит ажыратылады, ҳәр он гектарға суў алып келиў ушын 120 миллион сумға шекем субсидия бериледи.

Ўәлаятта қусшылық, шарўашылық, пал ҳәррешилик жойбарларын әмелге асырыў илажлары да белгилеп алынды.

Жол ҳәм транспорт инфраструктурасы ўәлаяттағы ең аўыр мәселелерден бири екени атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта Байсын ҳәм Деновты байланыстыратуғын жолдың 111 километри цемент-бетон қапламаға өткериў жойбары әмелге асырылмақта. Бул жол иске қосылса, жүк көлеми 2 есеге артыўы, тасыў ўақты 3 сааттан 1,5 саатқа қысқарыўы айтылды.

Усы жылы елимизди Аўғанстан ҳәм Тәжикстан менен байланыстыратуғын 178 километрлик магистральды капитал оңлаў, “Ташгүзар – Байсын – Қумқорған” участкасын тезжүрер поездға бейимлестириў, “Қумқорған – Қудықлы” темир жолын электрлестириў жумыслары басланады. Термиз – Стамбул, Термиз – Дубай жөнелислеринде жаңа рейслер шөлкемлестириледи.

Жаңа автобуслар алып келинип, Шўрчи, Денов, Сариосиё, Шерабад ҳәм Байсыннан Термизге алып барыўшы жолларда қатнаўға қойылады.

Жылдың ақырына шекем Музрабаттағы 56 мың халыққа биринши мәрте орайласқан ишимлик суўын жеткерип бериў жойбары жуўмақланатуғыны, Музрабат, Алтынсай, Ангор, Қызырық ҳәм Байсын орайларына канализация алып барыў жойбарлары басланатуғыны мәлим етилди.

“Ғәрезсизликтиң 25 жыллығы” ири газди қайта ислеў комплексиндеги технологиялық қурамалы мәселеге шериклер менен илимий шешим табылғаны атап өтилди.

– Биз аварияны да тоқтатамыз, Сурхандәрья экономикасына үлкен түртки беретуғын жойбарды да баслаймыз, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы туризм потенциалына тоқтап өтип, ўәлаятта Ал-Ҳаким ат-Термизий, Султан Саодат, Кўкилдор ата, Қырық қыз сыяқлы 150 ден аслам мәдений мийрас объектлери бар екенлиги, Ҳисар, Байсынтаў, Кўҳитанг, Бабатаўда альпинизм, треккинг, экотуризм ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин айтты. Оны толық иске қосып, жылына 1 миллиард долларлық дәрамат алыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Ески Термиз естелиги толық үйренилмегенлиги атап өтилди. Буддизм мәдениятына байланыслы Фаязтепа, Қоратепа, Далварзин, Зурмала сыяқлы естеликлердиң туризм потенциалынан пайдаланып, Япония, Корея, Қытай, Таиландтан жылына 500 мың туристти тартыў имканияты бар екенлиги көрсетип өтилди.

Сурхандәрьяда 8 мыңнан аслам жаслар гүрес пенен турақлы шуғылланбақта. Усы жылы Деновдағы “Замондош” дем алыў орайы негизинде гүресшилер ушын заманагөй оқыў-шынығыў базасын қурып бериў тапсырылды. Байсындағы мектеп-интернатта жаңа оқыў жылынан спорт пенен бирге мектеп сабақларын да жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте ўәлаят белсендилери, жаслар ҳәм нураныйлар менен сөйлести, ҳәкимлер ҳәм жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды. Мәмлекетимиз басшысы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў, ҳәр бир бағдарда анық нәтийжеге ерисиў бойынша тийисли тапсырмалар берди.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Термиз районында жайласқан “Surkhon Sandwich” кәрханасының базальт өнимлерин ислеп шығарыў линиясы менен танысты.

Елимиздиң барлық аймақларында кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Соңғы жыллары ҳәр бир ири жойбар ҳәм инфраструктура объектлеринде энергияны үнемлеўге тийкарғы итибар қаратылмақта. Сонлықтан, базальт шийки заты ҳәм оннан таярланатуғын энергия нәтийжели плита ҳәм қурылыс материалларына талап артып бармақта.

Усы зәрүрликтен келип шығып шөлкемлестирилген кәрхананың баҳасы 26 миллион долларға тең. Жойбар шеңберинде жылына 30 мың тонна базальт шийки затын қайта ислеў қуўатлылығы жаратылған. Бул 345 миллиард сумлық таяр өним ислеп шығарыў имканиятын береди.

Өнимлер ишки базар менен бирге Тәжикстан ҳәм Аўғанстанға да экспорт етилмекте.

Өндирис процеси ушын талап етилетуғын шийки заттың 95 проценти ўәлаяттың Алтынсай районындағы кәнлерден тәмийинленеди. Кәрханаға Қытайдың заманагөй технологиялық үскенелери орнатылған. Бул жерде 200 адам жумыслы болды.

Президент өндирис процесслери менен танысып, өнимлердиң сапасын буннан былай да арттырыў, локализациялаў дәрежесин кеңейтиў ҳәм экспортқа қолайлы бағдарларды раўажландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Улыўма, елимизде қурылыс тараўының илимий тийкарларын беккемлеў, буның ушын қурылыс материаллары бойынша илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде ўәлаяттың қурылыс материаллары санааты өнимлериниң презентациясы менен танысты.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Сурхандәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары