Денов, Алтынсай, Сариосиё, Узун районларындағы бес мың гектарда лимоншылық плантациясы шөлкемлестириледи

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Сурхандәрья ўәлаятын комплексли раўажландырыў бойынша мәжилис даўам етпекте.
Ўәлаяттағы 49 мың гектар қыйтақ жердиң 35 мың гектарында 3-4 мәрте зүрәәт алынбақта. Бундай көрсеткиш бирде-бир ўәлаятта жоқ.
Термиз районындағы “Қыйтақ жер мектеби”нде қыйтақ жерге илим менен қатнас жасап, бир жылда бес мәртеге шекем егин егиў үйретилмекте. Бул тәжирийбе пүткил Сурхандәрьяда жолға қойылса, өним жетистириў де, экспорт та, ең тийкарғысы, дийқанлардың дәраматы да көбейетуғыны атап өтилди.
Тап Термиз районындағы сыяқлы Ангор, Узун, Деновда “Қыйтақ жер мектеплери”н шөлкемлестириў, оларда жылына 10 мың халықты оқытыў тапсырылды. Улыўма, Термиз районының тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир ўәлаятта екеўден “Инновациялық қыйтақ жер мектеплери” иске қосылады.
Денов, Алтынсай, Сариосиё, Узун районларындағы бес мың гектарда лимоншылық плантациясы шөлкемлестириледи, Алтынсайдағы алты мың гектарда экспортқа жарамлы жүзим жетистириў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығылады.
Узун районында Япония тәжирийбеси тийкарында жаратылған кептирилген қурма ҳәм әнжирдиң миллий брендин үгит-нәсиятлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА