Өзбекстанның Фонд базарын тәртипке салыў мәселесинде басқа еллер менен бирге ислесиўин кеңейтиўге жәрдемлесиў илажлары шеңберинде Қымбат баҳалы қағазлар комиссиялары халықаралық шөлкеминиң үлкен кеңесгөйи, бақлаўды ҳәм бирге ислесиўди тәмийинлеў бөлиминиң баслығы Изабель Пастор ханым ҳәм еркин мәсләҳәтши Филис Села ханым елимизде болды.

1983-жылы тийкар салынған Қымбат баҳалы қағазлар комиссиялары халықаралық шөлкеминиң (International organization of securities commissions, IOSCO) қымбат баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыўшы миллий уйымларды өзинде жәмлестирген халықаралық қаржы шөлкеми болып есапланады. Структураның бас резиденциясы Испанияның Мадрид қаласында жайласқан.

128 ел фонд базарларының мәмлекетлик тәртипке салыўшылары IOSCO ның тең ҳуқықлы ағзасы болып есапланады. Шөлкем делегациясының сапар етиўинен мақсет Мәсләҳәтлер, бирге ислесиў ҳәм мағлыўмат алысыў бойынша өз-ара көп тәреплеме түсинисиў меморандумы шеңберинде Өзбекстан қымбат баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайының IOSCO ға ағза басқа еллердиң мәмлекетлик тәртипке салыўшылары менен өз-ара бирге ислесиўин шөлкемлестириў бойынша усынысларды ислеп шығыў болып табылады.

2002-жылы тастыйықланған бул меморандум глобал базарды әззилендиретуғын ҳәм инвесторлардың исенимине зыян жеткеретуғын трансшегаралық алдаўшылықларға ҳәм жынаятларға қарсы биргеликте гүресиўде мәсләҳәтлер өткериў, бирге ислесиў ҳәм мағлыўмат алмасыў тәртиплерин белгилейди.

2017-жыл ноябрь айында болып өткен IOSCOның Скрининг топарының ушырасыўында орайдың усы меморандумға қосылыў бойынша талапнамасы көрип шығылған еди. Ушырасыў соңында Өзбекстанға бул бағдардағы нызамшылықты буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажларды өткериў усыныс етилген.

Сапар шеңберинде IOSCO ўәкилликли ўәкиллериниң тийисли министрликлер менен уйымларда ушырасыўлары шөлкемлестирилди. Бул пикирлесиўлерде Өзбекстан қымбат баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў бойынша мәмлекетлик ўәкилликли уйымының ролин буннан былай да күшейтиў бойынша пикир алысылды.

ӨзА