Жүк вагонлары паркин кеӊейтиў илажлары белгиленди

Президент Шавкат Мирзиёев “Өзбекстан темир жоллары” акционерлик жәмийети қурамындағы кәрханаларда жүк вагонларын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келеси жыллар ушын режелер менен танысты.
Мәмлекетимизде транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм экономика тармақларын үзликсиз логистика хызметлери менен тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.
Темир жол транспортында кең көлемли жаңаланыў процесслери әмелге асырылмақта. Олар тараўды түпкиликли модернизациялаў, өндирислик қуўатлықларды кеңейтиў ҳәм вагон паркин басқышпа-басқыш жаңалаўға хызмет етпекте.

Атап айтқанда, 2023-2025-жылларда баҳасы 105 миллион доллар болған жойбар шеңберинде 1590 ярым ашық жүк вагоны ислеп шығарылды. Бул болса ишки ҳәм халықаралық тасыўларда жүк айланысын арттырыў, логистика шынжырларының турақлылығын тәмийинлеў имканиятын бермекте.
Сондай-ақ, 2025-2026-жылларға мөлшерленген 150 миллион долларлық жаңа басқышта жүк ҳәм жолаўшы вагонларын ислеп шығарыў, соның менен бирге, “Өзбекстан темир жоллары” АЖ қурамындағы вагон ислеп шығарыў кәрханаларын модернизациялаў жумыслары алып барылмақта. Жойбар шеңберинде 954 дана жүк ҳәм 70 дана жолаўшы вагонларын ислеп шығарыў басланған.
Бүгинги күнге шекем бул жойбар шеңберинде 45 жолаўшы вагоны ҳәм 340 цистерна ислеп шығарылды. Усы жылдың ақырына шекем қосымша түрде 614 жүк ҳәм 25 жолаўшы вагонлары ислеп шығарылады.

Келеси жылларда жүк вагонларын ислеп шығарыў көлемлерин кескин арттырыў ушын жақында Президентимиз айрықша қарарға қол қойған еди. Ҳүжжетке муўапық, қосымша 100 миллион доллар қаржы ажыратылып, 1350 дана жүк вагоны жеткерип бериледи. Оның ушын усы жылдың өзинде санаат кәрханаларының қуўатлылықларын 1,5 есеге арттырыў ҳәм 2 мың жүк вагонларын ислеп шығарыў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы вагон паркин жаңалаў, тасыў көлемлерин арттырыў ҳәм қәрежетлерди оптималластырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА