Өзбекстан халқына рамазан қутлықлаўы

Қәдирли ўатанласлар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды елимизге мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат ҳәм шүкиршилик тымсалы болған муқаддес Рамазан айының кирип келиўи менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Әлбетте, бул қутлы әййямда бәршемизди Рамазанға мине усындай саў-саламат, бирлик ҳәм аўызбиршиликте жеткергени ушын Жаратқанға шексиз шүкиршилик айтамыз.
Елимиздиң социаллық-руўхый турмысында айрықша орын ийелейтуғын, инсанды ийгиликли ҳәм саўаплы ислерге шақыратуғын бул айды мүнәсип түрде өткериў мақсетинде быйыл да мәмлекетимизде үлкен таярлық жумыслары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, мәҳәлле ҳәм турақ жайлар, мешит ҳәм медреселерди абат етиўге, кекселер, майып ҳәм жәрдемге мүтәж шахслардың ҳалынан хабар алыўға, қоңсылар, жақын туўысқанларға меҳир ҳәм итибар көрсетиўге, ибадат ҳәм ифтар мәресимлерин тәртипли өткериўге шаңарақ ҳәм мәҳәлле халқы, жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен айрықша әҳмийет берилмекте.
Булардың барлығы бийбаҳа байлығымыз болған тынышлық-татыўлық, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик орталығын, инсаныйлық принциплерин беккемлеў, елимиздиң раўажланыўын, халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғыны тәбийғый, әлбетте.
Рамазан айының уллы пазыйлетлери, әдеп-икрамлылық-руўхый әҳмийети мине, усындай уллы ислерде айқын көринеди, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Бул ҳаққында сөз еткенде, кейинги жыллары инсан қәдирин, ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, социаллық әдиллик Өзбекстанда мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени, усы тийкарда әмелге асырып атырған кең көлемли реформаларымыз халқымыздың турмысын пүткиллей өзгертип атырғанын атап өтиў орынлы.
Быйылғы жылды мәмлекетимизде “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти раўажландырыў жылы” деп жәриялағанымыз ҳәм бул бағдарда тийисли әмелий жумысларды баслап жибергенимиздиң тийкарында да мине усындай уллы умтылыслар жәмленген.
Жәмийетти раўажландырыў тийкары мәҳәлле болып есапланады. Себеби мәҳәлледе өсиў ҳәм өзгерис болса, пүткил жәмийет раўажланады. Мәҳәллелеримиздиң жетискенлиги ҳәм абаданлығы ақыр-соӊында пүткил жәмийеттиң жетискенлиги ҳәм абаданлығы сыпатында көринеди.
Әзиз дослар!
Қутлы жеримизге Алла тааланың мийрими жаўып турған мине, усындай бахытлы күнлерде ата-бабаларымыздың естелигин, олардың ийгиликли ислери, саўаплы әмеллерин еслеў ҳәм даўам еттириў бәршемиз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз болып табылады.
Соңғы жыллары елимизде ислам дини ҳәм мәдениятының раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы ойшылларымыздың муқаддес зыярат орынларын абат етиў, илимий мийрасын тиклеў ҳәм үйрениў, халқымыз, әсиресе, жасларымыз арасында үгит-нәсиятлаў бойынша көплеген жумысларды әмелге асырып атырғанымыз сизлерге жақсы белгили, әлбетте.
Уллы ата-бабаларымыздың даңқлы дәстүрлерине садықлық пенен жасап киятырған халқымыздың күш-ғайраты менен бийбаҳа архитектуралық жойбарлар тийкарында Ташкент қаласында – Ислам цивилизациясы орайы, Самарқандта болса уллы муҳаддис бабамыз Имам Бухарий комплексин қурыў жумыслары жуўмақланғанын мақтаныш пенен айтып өтпекшимен.
Рамазан күнлеринде ҳүрметли уламаларымыз, илим ҳәм дөретиўшилик ғайраткерлери, кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында мине усы теберик орынларда уллы әзиз-әўлийе ҳәм уламаларымыздың естелигине садақа дастурханларын жайып, бул муқаддес зыярат орынларының есиклерин халқымыз ушын кеңнен ашыўды режелестиргенбиз ҳәм бул жумысларды әлбетте әмелге асырамыз.
Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта дүньяның түрли регионларында урыс ҳәм тартыслар даўам етпекте. Пәк нийетлер қабыл болатуғын усы мүбәрек әййямда келиспеўшиликлер ҳәм өшпенлиликлер сапластырылып, тынышлық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў байланысларының беккемлениўин шын кеўилден тилеп қаламыз.
Пурсаттан пайдаланып, узақ ҳәм жақын мәмлекетлердеги ўатанласларымызға, пүткил мусылман халқына да қызғын қутлықлаў ҳәм тилеклеримизди жоллаймыз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Сизлерди жақсылық, мийрим-шәпәәт ҳәм берекет айы – Рамазан айының басланыўы менен және бир мәрте қутлықлайман.
Усы қуўанышлы күнлерде бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.
Ораза күнлеринде исленетуғын барлық ибадатлар, жақсы нийет ҳәм әмеллер қабыл болсын!
Халқымызды, Ўатанымызды Жаратқанның өзи панасында сақласын!
Рамазан айы бәршемизге мүбәрек болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти